Республикамызда 9-май -Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 77 жыллығы кең түрде белгиленди.
Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласындағы Еслеў майданында өткерилген илажға республикамыздың басшылары, мийнет ветеранлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, оқыў орынлары, жәмийетлик шөлкемлердиң, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев басқа да рәсмий адамлар әскерий оркестр намасы астында «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберлерин қойды.
Буннан кейин министрликлер менен уйымлар, оқыў орынлары, жәмийетлик шөлкемлер, ветеранлар ҳәм интернационалист-жаўынгерлер атынан да гүл шеңберлери қойылды.
Илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлери атқарылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери