Инсан қәдири – уллы, еслеў мәңги. Елимиздиң азатлығы ушын гүрескен, бул жолда жанын пидә еткен ержүрек жаўынгерлеримизди қәдирлеў, қаза тапқанларын еслеў халқымыздың усы пазыйлетлеринен бирине айланды.
Усындай теберик инсанларды қәстерлеп сақлаў, оларға ғамхорлықлар көрсетип барыў мақсетинде ҳәр жылы оларға ҳүрмет көрсетилип, қәдирленбекте.
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары М.Ибрагимов, Б.Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары, депутатлар З.Реймова, Ш.Өтемисов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Сидиқов, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң хызметкерлери ҳәм белсенди жаслар Нөкис қаласы «Әмиўдәрья» МПЖ да жасаўшы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нармановтың шаңарағында болып, жағдайынан хабар алды.
97 жасты қарсы алған нураный ата төрт қыз бир улды тәрбиялап, соннан 21 ақлық ҳәм 28 шаўлық сүйип отыр. Нураный ата урыс жылларын, халықтың сол ўақыттағы аўыр турмысын еске алып, келеси әўладларымызға тынышлықтың, парахатшылықтың қәдирин билип жасаўға, бүгин аспаны ашық тыныш-татыў елимизге шүкиршилик етип, жасларға өзиниң ақ пәтиясын берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги