Нөкис районлық Мәлимлеме-китапхана орайында қарақалпақ әдебиятының қос байтереги есапланған Өзбекстан Қаҳарманлары Төлепберген Ⱪайыпбергенов ҳәм Ибрайым Юсуповлардың туӯылған күнлерине бағышланып, «Миллий әдебиятымыздың мақтанышлары» атамасында әдебий кеше болып өтти.
Оған Ⱪарақалпақстан Жазыӯшылар аӯқамы, район ҳәкимлиги, ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик ӯәкиллери қатнасты.
Ең дәслеп илаж қатнасыӯшылары Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен Т. Ⱪайыпбергенов ҳәм И.Юсуповларға арнап шөлкемлестирген китаплар көргизбеси менен танысып, бул бойынша өз пикирлерин билдирди.
Соңынан кешениң рәсмий ашылыӯы болып, онда Ⱪарақалпақстан Жазыӯшылар аӯқамы баслығы, Өзбекстан халық жазыӯшысы ҳәм Ⱪарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов шығып сөйлеп, бул еки инсанның миллий әдебиятымыздағы тутқан орны ҳәм қарақалпақ әдебиятын дүньяға танытыӯдағы салмақлы хызметлери ҳаққында жыйналғанларға кең түрде айтып өтип, Мәлимлеме-китапхана орайына Т. Ⱪайыпбергеновтың жақында ғана өзбек тилинде баспадан шыққан таңламалы шығармалар топламы ҳәм жас дүретиӯши А.Смайловтың «Бахытсызлар романындағы даналық сөзлер» атлы китабын саӯға етти.
Буннан соң Жазыӯшылар аӯқамы ағзалары Б.Ерназаров, Т.Жийемуратов, А. Ⱪайыпов, Ж.Өтениязовлар шығып сөйлеп, Т. Ⱪайыпбергенов ҳәм И.Юсуповларға арнап өзлериниң жазған қосықларын оқып берди.
Кеше соңында Республика Руӯхыйлық-ағартыӯшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тойымбетов илажды көтериңки руӯхта белгилеӯге келген мийманлар ҳәм илаж қатнасыӯшыларына район ҳәкимлиги атынан миннетдаршылық билдирип, бундай кешелер аймақларда еле де даӯам ете беретуғынлығы ҳаққында айтып өтти.
Илаж Мәлимлеме-китапхана орайының «Жас китапқумарлар» дөгереги ағзалары тәрепинен таярланған әдебий-саз-сәӯбетли сахналық концерт бағдарламасы менен даӯам етти.
Бийбижамал Реймбаева,
Шахнозабану Абдуллаева.
ⱩМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студенти.
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги