Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни” мүнәсибети менен усы мектептиң 1978-жылдағы питкериўшиси, Аўған урысы қатнасыўшысы Баймурат Ембергенов пенен мектеп жәмәәтиниң ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени мектеп директоры Жанар Алиева басқарып барды.
Онда Баймурат Ембергенов шығып сөйлеп, өзиниң мектепте оқыған дәўирин, устазларын, Аўғанстанда өткен әскерий хызметтеги жылларын еске алып, оқыўшыларға елимизде ҳүким сүрип турған бүгинги тыныш ҳәм парахат замандағы қолайлы шараятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклиги туўралы кең түрде айтып өтип, оқыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.
Сондай-ақ, илажда мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Султанбай Абдуллаев та шығып сөйлеп, Екинши жер жүзилик урыс ҳәм Аўған урысы дәўирлеринде мәмлекетимиз халқының, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы халқының көрсеткен мәртлик ислери, бул урысларға қатнасқан аўыллас аталарының қаҳарманлықлары туўралы сөз етип, оқыўшыларды усындай абадан турмыстың қәдирине жетиўге шақырды.
Илажда Аўған урысы қатнасыўшысы Б.Ембергеновқа байрам саўғасы тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы