Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының мағлыўматларына қарағанда, усы  жыл басынан 5-май сәнесине шекем республикамызда, жәми 40264 пуқара коронавирус инфекциясына вирусологиялық усылда тексерилген. Нәтийжеде 1335 пуқарада коронавирус инфекциясы анықланған.

– Республикамызда коронавирус инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдай 2022 – жылдың март айына келип турақласты,-дейди басқарманың оғада қәўипли жуқпалы кеселликлер бөлиминиң эпидемиолог-шыпакери Азамат Алимбетов. – Быйылғы кеселлениўшилик жағдайлары жасы бойынша талланғанда, бул кеселлик пенен тийкарынан 20-29 ҳәм 30-39 жас аралығыындағы пуқаралар көбирек кеселленип атырғаны анықланбақта. Усы жастағы пуқараларда өз-ара қарым-қатнас ҳәм жумысқа жарамлылығының жоқары болғанлығы себепли адамлар менен байланысы басқа жастағыларға салыстырғанда күшли болады.

Наўқаслар менен жақын қатнаста болған жәми 10995 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынып, бул пуқараларда кеселлик анықланбағанлығы себепли медициналлық бақлаўдан шығарылды.

Белгиленген тәртип-қағыйдаларды орынлап, сақлансақ тыныш ҳәм саламат өмиримизге тийкар жаратқан боламыз.

 

Саёра Айтбаева,

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги