Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-май күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдынан мәмлекет басшылары бир-бирин, мәмлекетлеримиздиң дос халықлары ҳәм ветеранларын Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңис күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық, тынышлық және раўажланыў тиледи.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көрсеткишлери избе-из артып атырғаны, парламентлер, ҳүкиметлер ҳәм аймақлар арасындағы байланыслардың жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Саўда, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика, энергетика, инфраструктура ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы қоспа жойбар және бағдарламаларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Президентлер регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысып, болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режесин көрип шықты.
ӨзА