9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен министрликлер, мийнет жәмәәтлери, барлық қала ҳәм аўылларда екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет ветеранларынан хабар алынып, байрам саўғалары тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Б.Матмуратов, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери, Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары, Жаслар парламентиниң ағзалары партияның «Излеў» жойбары шеңберинде екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының жағдайынан хабар алды.
Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – 9-май –– Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын, фронт арты мийнет ветеранларын ҳәм ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қаза болған әскерий ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин еслеп, ҳүрмет көрсетиў болып есапланады. Сондай-ақ, халқымызға тән болған мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, инсаныйлық, кеңпейиллик ҳәм қайыр-сақаўат орталығын беккемлеў, жас әўладты миллий үрп-әдет, дәстүрлеримизге садықлық ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, усы муқаддес сәнени жоқары дәрежеде белгилеў болып есапланады.
Илаж даўамында Нөкис қаласында жасаўшы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нармановтың үйине барып, оның жағдайынан хабар алынды ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги