Бүгин, 7-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың 93 жыллығына арналған «XXI әсир ҳәм Т.Қайыпбергенов прозасы» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияға институттың Түркий тиллер факультети профессор-оқытыўшылары, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўаплы хызметкери, шайыр Ш.Аяпов, Т.Қайыпбергеновтың қызлары, келинлери, ақлық ҳәм шаўлықлары, студентлер, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев: «Өзбекстан Қаҳарманы деген уллы атаққа ийе болған Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов сыяқлы белгили шайыр ҳәм жазыўшылардың шығармалары менен танысып, қарақалпақ халқының үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, арзыў-әрманлары, умтылыслары ҳаққында үлкен тәсирлерге ийе болғанман»,-деп айтып өткен еди.

Әлбетте, бул қарақалпақ әдебиятының қос байтереги есапланған И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың дөретиўшилигине берилген ең жоқары баҳалардың бири болып есапланады.

Әсиресе, ХХ әсирдиң 20-30-жылларынан басланған қарақалпақ прозасын жәҳән әдебиятының ең алдынғы қатарларына алып шыққан, оның жанрлық-тематикалық жақтан байыўына үлкен үлес қосқан жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтың әдебиятымыздағы орны айрықша.

Төлепберген Қайыпбергенов 1929-жыл 7-майда Кегейли районында (ҳәзирги Нөкис районының аймағында) туўылған.

«Секретарь», «Муғаллимге рахмет», «Соңғы ҳүжим», «Суўық тамшы», «Қарақалпақ қызы», «Маманбий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» («Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы), «Қарақалпақнама», «О дүньядағы атама хатлар» ҳәм басқа да көплеген гүрриң, повесть ҳәм романлары басып шығарылған.

Жазыўшының көпшилик шығармалары дүньяның бир қатар тиллерине аўдарылды.

Ол Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы, Өзбекстан Республикасының Қашқарий атындағы ҳәм бурынғы Аўқамның М.Шолохов атындағы халықаралық сыйлықларының лауреаты болып есапланады. Т.Қайыпбергеновқа 2003-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

Атақлы жазыўшының атын мәңгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы үлкен көшелерден бири Төлепберген Қайыпбергенов аты менен аталды. Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының студентлери ушын Т.Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендия енгизилди. Ташкенттеги Жазыўшылар бағында оның саўлатлы естелиги орнатылды.

2019-жылы «Ижод» жәмийетлик қоры тәрепинен қарақалпақ прозасы кәрўанбасшысының таңламалы шығармалары басып шығарылды. Сондай-ақ, «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы ҳәм повестьлер топламы қарақалпақ тилинде қайта жарық көрди.

Конференцияда профессор К.Алламбергеновтың «Т.Қайыпбергенов прозасының жанрлық, формалық, көркемлик өзгешеликлери», доцент А.Пирниязованың «Т.Қайыпбергеновтың фразеологизмлерди қолланыў шеберлиги», доцент Ҳ.Алламбергеновтың «Т.Қайыпбергенов ҳәм өзбек әдебияты», доцент Т.Төрткүлбаеваның «Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама» романындағы аңызлардың қазақ аңызлары менен сабақласлығы» атамаларындағы баянатлары тыңланды.

Сондай-ақ, шығып сөйлеўшилер тәрепинен жазыўшының шығармаларын буннан былай да терең үйрениў, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, шығармаларының картотекасын жаратыў, еле жарық көрмеген шығармаларын баспаға таярлаў, атын мәңгилестириў мақсетинде әмелге асырылыўы керек болған жумыслар ҳаққында пикирлер билдирилди.

Илаж институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм Түркий тиллер факультетиниң талантлы студентлериниң көркем-әдебий сахналық көринислери ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.