(Халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың жарқын естелигине)

7- май  – Төлепберген Қайыпбергенов туўылған күн

 

Халқым мақтанады өзиңиз бенен,

Ҳақыйқат қарылған сөзиңиз бенен,

Жас әўлад келеди изиңиз бенен,

Прозаның қыйыр соқпақларында.

 

Жәҳән мойынлады қәлемиңизди,

Ғәзийнели кеўил әлемиңизди,

Хатқа салған ҳүрмет, сәлемиңизди.

Өлшеўли өмирдиң ҳәр бир таңында.

 

Төзим берип, машақатқа қыйынға,

Саўлат берип мерекеге, жыйынға,

Жетекшилик етип гөззал уйымға,

Ақлапсыз исеним болған ўағында.

 

Сырлас болып, халықтың арзыў – муңына,

Прозаның қун қостыңыз қунына,

Шықтыңыз нәзерлеп бийик шыңына,

Әдебияттың сырлы соқпақларында.

 

Раўаж Отарбаев,

 Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги