Ишки ислер министри Пўлат Бобожоновтиң басшылығындағы жумысшы топар Қарақалпақстандағы мәҳәллелерде үйрениўлер алып барған. Атап айтқанда, Хожели районында 1201 қағыйданы бузған айдаўшы усланған.
Райондағы үйрениўлер даўамында мәҳәллелерди жынаяттан жырақ қәўипсиз аймаққа айландырыў, жолларда қәўипсиз ҳәрекетлениўди тәмийинлеў, криминоген жағдайды және де турақластырыў мақсетинде оператив-профилактикалық илажлар да алып барылған.
Илажлардың биринши күнинде 22 жынайый, 46 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланған, еки излеўдеги шахс усланған. Күндизги ҳәм түнги «авторейд» илажларында болса 1201 қағыйданы бузған айдаўшы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, олар менен профилактикалық сәўбетлер өткерилген.
Республикалық жумысшы топар тәрепинен үйрениў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў жумыслары даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги