Кегейли районында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бөлими тәрепинен Халқабад елатындағы Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы Мәлимлеме китапхана орайында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Кеше «Үш әўлад ушырасыўы» көринисинде болып, онда «Дуэль» таңлаўы өткерилди.
Оған «Әмиўдәрья» журналы бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи директоры Шәригүл Пайзуллаева, Халқабад елаты нураныйлары, улыўма билим бериў мектеплериндеги дөретиўши мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар ҳәм дөретиўши жаслар қатнасты.
Таңлаўда поэзия, проза ҳәм монолог оқыў бағдарлары бойынша қәбилетли жаслар анықланды. Шайыр Х.Дәўлетназаров, нураныйлар ҳәм төрешилер оларға өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирди. Жаслар ертеңги әдебиятымыздың даўамшылары екенлигин ҳәм оларға үлкен үмит байлағанлығын, егер усы барыста раўажланса қарақалпақ әдебияты еле де раўажланатуғынын айтты.
Сондай-ақ, әдебий кеше устаз шайыр ҳәм нураныйлар арасындағы өз-ара пикирлесиўлер менен жүдә мазмунлы өтти. Халила ағаның сөзи менен айтқанда «…орныңнан турып кеткиң келмейтуғын» әдебий кеше болды. Аймақта жайласқан балалар бақшаларыныӊ тәрбияланыўшылары да өзлери ядлап келген қосық-тақмақларын айтып берди. Нураныйларымыз жаңадан ашылған китапханада бундай илажлардың көбирек өткерилиўи кереклигин, китапхана мәдений азық ошағы екенлигин қайта-қайта тәкирарлады.
Таңлаў соңында жеңимпазлар Диплом ҳәм билим булағы болған китаплар менен сыйлықланды.
Перуза Якупбаева,
ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистикасы 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги