9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин кеңнен белгилеў, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қаза тапқан ата-бабаларымыздың естелигине терең ҳүрмет көрсетип, фашизмге қарсы саўашларда, мийнет фронтында мәртлик көрсеткен ветеранларымызға айрықша итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиў, жасларды руўхый-әдеп икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў мақсетинде, республикамыздыӊ барлық аймақларында болғаны сыяқлы Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажда мектеп директоры О.Шерназаров, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар тараўы ветераны отставкадағы подполковник М. Примбетов, нураный устаз И.Дәўлетбаевлар шығып сөйлеп, Екинши жер жүзилик урыстыӊ халқымыз басына салған аўыр қыйыншылықлары ҳәм оны жеӊип шығыўда көрсеткен мәртликлери туўралы жыйналғанларға кеӊ түрде айтып өтип, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтыӊ қәдирине жетиўимиз тийислиги жөнинде оқыўшы жасларға түсиниклер берди.
―Оқыўшыларымыз бул ушырасыў кешесинен жақсы тәсирлер алды,- деп ойлаймыз дейди мектеп директорыныӊ руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ғумшагүл Досымбетова.-Буны бизлер олардыӊ нураныйларға берген сораўларынан аӊлағандай болдық.
Ҳақыйқатында да, өткерилген бул илажда оқыўшылар нураный аталарына өзлерин қызықтырған мәселелер туўралы сораўлар берип, оларға жуўаплар алды.
О.Демеўбаева,
Нөкис районлық ХББға қараслы 18-санлы мектептиӊ 9-класс оқыўшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги