Елимизде «9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» сыпатында кеӊ түрде белгиленеди. Усы сәне мүнәсибети менен республикамыздыӊ барлық аймақларында Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт артында хызмет еткен нураныйларымыздыӊ ҳал-жағдайларынан хабар алынып, оларға байрам саўғалары тапсырылады ҳәм сол бир аўыр жыллардағы ўақыялар еске алынады.
Менде усы сәне алдынан урыс қатнасыўшысы, марҳум атам Генжемурат Юсуповты еске алмақшыман. Рәсмий ҳүжжетлерде 1920-жылы туўылған деп көрсетилген атам урыс басланбастан алдын-ақ, армия қатарына шақырылып, Орлов ўәлаятында азаматлық ўазыйпасын өтеп атырған екен.
-Бизлер Жуманияз Арысланбаев атлы жорамыз бенен Харьковтеги әскерий училищеге оқыўға жиберилип атыр едик,-деп еслейтуғын еди атамыз.-1941-жылдыӊ 21-июньнинен 22-сәнесине өтер ақшам саат 2 ден 30 минут өткенде бурынғы Аўқам сыртқы ислер министрлиги радиодан фашистлик Германияныӊ Ўатанымыз шегараларына топылысқа өткенлигин хабарлады. Сол заматта бизлерди барлық урыс қураллары менен тәмийинлеп, Белоруссияныӊ Витебск қаласына саўашқа жиберди. Витебскке 20-30 км қалғанында Гитлершил Германияныӊ 5 самолёты бизлер киятырған поезды бомбалап жарып жиберди. Бул жерде бир талай вагонлар жанып кетип, көплеген жаўынгерлер набыт болды.
Бирақ, атамыздыӊ айтыўынша, оныӊ дивизиясы изге шегинбей Витебскти қорғаў ушын тоғай иши менен пияда кете береди. Ол жерге барса немислер қалада өзлери орналасып алған екен. Қалада үлкен қан төгиспе саўаш болып, душпанлар көп шығынға ушырайды. Лекин, олардыӊ қатары жаӊа әскерлер менен толықтырыла берди. Соныӊ ушын бизиӊ әскерлеримизге артқа шегиниўге буйрық бериледи ҳәм олар Минскти душпанлардан қорғаўға жибериледи. Минскте бираз ўақыт қоршаўда болғаннан соӊ, атамыздыӊ дивизиясын Смоленскке жиберди. Смоленскте болған аўыр саўашларда душпан күшлерин артқа шегиндирип, Москваны қорғаўға өтеди ҳәм фашистлер менен Москваға 30-40 км қалған жерде урысқа кириседи. Атамыз хызмет еткен рота әскерлери Москваға жақын жердеги бир елатлы пунктти душпанлардан тазалап, душпанды көп шығынға ушыратып, изге шегиниўге мәжбүрлейди ҳәм олардыӊ 4 танк, 6 пулёметы ҳәм 22 әскерин қолға түсиреди. Сол жерде командири аўыр жараланып, батальон командириниӊ уйғарыўы менен рота командири етип тайынланады.
Соӊынан фашистлердиӊ изинен және жаӊа күшлер келип, бизлердиӊ жаўынгерлерге қатты топылысқа өтеди ҳәм қыян-кести саўаш болады. Онда бизиӊ әскерлер артқа шегинбей урыс алып барады. Себеби, бул ўақытта командирлер тәрепинен жаўынгерлерге бир метр изге шегиниўге рухсат жоқ болған. Сонлықтан саўашта жаўынгерлеримиз жан-тәни менен кескин гүрес алып барды. Бул урыста Генжемурат атамыз жарадар болады. Лекин, командирлер оны жараӊ жеӊил деп рота командирлигинен босатпайды. Мийрибийкелерге дәри жақтырып, хызметти де атқара бересеӊ деген буйрық болады. Урыстыӊ баса-басы менен жараны тазалатып таӊыўды да умытып, арадан 25 күн өткенде жарасы асқынып, шириўге қарайды. Сонда мийирбийке қыз Лиза батаьлон командирине айтып, атамызды госпиталға жатқарады. Москвадағы емлеўханада 2 ай жатқаннан соӊ оны урысқа жарамсыз деп таўып, Шымбайдағы әскерий комиссиариатқа әскерликке шақырылған жасларды әскерий команда ҳәм жүрис-турысқа үйретиўши инструктор сыпатында жумысқа жиберди ҳәм сол жерде хызмет атқарады.
Атамыздыӊ Москвадағы ерлиги туўралы тарийхшы илимпаз Ш.Бабашев 1970-жылы баспадан шыққан өзиниӊ «Қарақалпақстанлы жаўынгерлердиӊ урыс жылларында көрсеткен өшпес ерликлери» атлы китабыныӊ 39-бетинде кеӊ түрде баянлайды.
Соӊынан атамыз Генжемурат Юсупов Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1984-жылға шекем устазлық етип, жаслардыӊ жетик инсан болып жетилисиўи ушын аянбастан хызмет атқарады. Өмирлик жолдасы Қызларгүл Базарбай қызы менен биргеликте 5 ул, 4 қызды тәрбиялап камалға келтиреди. Мине атамыздыӊ бул хызметлерин ҳақыйқый қаҳарманлық десек те болады.
Муҳаббат Мәмбетбаева,
Шымбай районлық ХББ ға қараслы 17-санлы мектептиӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги