Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасыныӊ 6-тур ойынлары болып өтти. Бул ойынлардыӊ биринде мәмлекетимиз абырайын мүнәсип түрде қорғап атырған Қаршыныӊ «Насаф» командасы Иорданияныӊ «Ал-Виҳдат» клубына қарсы майданға түсти.
Ушырасыўды көтериӊки руўхта баслаған Рузиқул Бердиев шәкиртлери 3-минутта-ақ ойындағы есапты ашыўға еристи. Бунда «Насаф» легионери Марко Станоевич 20-25 метр шамасындағы аралықтан қарсылас дәрўазаны анық нышанға алыўға миясар болды. Ойынныӊ 34-минутына келип «Ал-Виҳдат» футболшысы Муҳаммад Анас басы менен «Насаф» дәрўазасына гол урған болса, 59-минутта Хусайн Норчаев Қаршы клубын және алдынға алып шықты.
Ушырасыўдыӊ 82-минутында иорданиялы Муҳаннад Абу Таҳа тәрепинен урылған гол «Насаф» футболшыларыныӊ кейинги басқышқа шығыўына тосқынлық ете алмады ҳәм Қаршы клубы өз тарийхында биринши мәрте Чемпионлар лигасыныӊ плей-офф басқышына жолламаны қолға киргизди.
Келеси басқышта «Насаф» футболшылары Саудия Арабстаныныӊ «Аш-Шабоб» клубы менен ойнайтуғыны мәлим болды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы