Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 13-санлы протоколы тийкарында 2022-2023-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тест сораўларының саны ҳәм баҳалаў критериялары тастыйықланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.

Мәлим болыўынша, барлық тест тапсыратуғынлар ушын мәжбүрий болған 3 пән бойынша:

Ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили) – 10 сораў;

Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан;

Максимал балл – 11 балл.

Математика – 10 сораў;

Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан;

Максимал балл – 11 балл.

Өзбекстан тарийхы – 10 сораў;

Ҳәр бири ушын 1,1 баллдан;

Максимал балл – 11 балл.

Жәми топлаў мүмкин болған балл – 33 балл.

Бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес болған 2 пән бойынша:

Биринши пән – 30 сораў;

Ҳәр бири ушын 3,1 баллдан;

Максимал балл – 93 балл.

Екинши пән – 30 сораў;

Ҳәр бири ушын 2,1 баллдан;

Максимал балл – 63 балл.

Жәми топлаў мүмкин болған балл – 156 балл.

Улыўмалық тәризде 2022-2023-оқыў жылы қабыллаўында абитуриентлерге 5 пән бойынша жәми 90 тест сораўы бериледи. Бунда топлаў мүмкин болған максимал балл – 189 баллды қурайды.

Тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тест сораўларының саны ҳәм баҳалаў критериялары менен төмендеги силтемеде көрсетилген файлды жүклеп алыў арқалы танысыўыңыз мүмкин.

СИЛТЕМЕ

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.