Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов магистратураға оқыўға қабыллаўда қәнигелик пәнлерден имтиханларды бийкар етиў тәртиби көрип шығылып атырғанын билдирди. Бул ҳаққында министр Қаршы мәмлекетлик университети студентлери менен болған ушырасыўда мәлим еткен, деп жазды ӨзА.
Ушырасыўда министрге магистратураға оқыўға кириў ушын шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификат мәжбүрий етилгени ҳаққында сораў берилген.
«Усы сораўға жуўап бериў тийкарында сизлерди жаңа өзгерис ҳаққында хабарландырмақшыман. Быйыл магистратураға оқыўға кириў ушын қәнигелик пәнлерден имтиханларды бийкар етиў тәртибин көрип шығып атырмыз. Өзи бунысыз да студент 8 семестр даўамында қәнигелик пәнлерден зәрүр көнликпе ҳәм билимди ийелейди», – деп жуўап берген министр.
А.Тошқуловтың сөзлерине қарағанда, магистратура қәнигеликлери бойынша оқыўға кириў ушын шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификат ҳәм бакалавр дипломының орташа балы есапқа алынады. Ҳәзирше бул усыныс үйренип шығылып атырғаны атап өтилген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.