Ташкентте 20-апрель күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер наркотик затларға қарсы гүресиў бойынша ўәкилликли уйымлар басшыларының он екинши ушырасыўы болып өтти.
ШБШның нәшебентликке қарсы үш басқышлы механизмин әмелге асырыў шеңберинде шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан, Ҳиндстан, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм ШБШ Секретариатынан наркотик затларға қарсы гүресиў бойынша ўәкилликли уйымлардың басшылары қатнасты.
Кейинги ўақытта наркотик затлардың нызамсыз айланысына байланыслы синтетик нәшебентлик ҳәм жаңа психоактив затлардың кеңнен тарқалыўы, сондай-ақ, наркотик ислеп шығарыўда қолланылатуғын химиялық элементлердиң турақлы түрде нызамсыз айланысы сыяқлы жаңа тенденциялар көзге тасланбақта. Қалаберсе, қоңсы Аўғанстандағы жағдай мүнәсибети менен арқа жөнелис арқалы нәшебентлик затлар контрабандасының өсиўи де әҳмийетлилигинше қалмақта.
Қәўипсизлик тараўында жүзеге келген ҳәзирги қурамалы дәўирде регионымыз нәшебентлик затлардың кеңнен тарқалыў қәўпине дус келмекте. Бундай шараятта ШБШ абырайлы халықаралық шөлкем сыпатында бул иллетке қарсы гүресиўде белсендилик көрсетиўи, ағза мәмлекетлердиң наркотик затларға қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетин муўапықластырып барыўы ҳәм нәшебентлик затларға байланыслы жынаятларға қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсиятлаў уйымларының биргеликтеги жумысын беккемлеўи керек.
Бизге белгили, наркотик затларды қадағалаў тараўында ШБШ форматындағы бирге ислесиў Келисимине 2004-жыл 17-июнь күни Ташкентте қол қойылған. Соннан берли бул ҳүжжет шеңберинде тийисли илажлар әмелге асырылып келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Наркотик затларды қадағалаў миллий мәлимлеме-таллаў орайы (НЗҚММТО) усы Келисим шеңбериндеги бирге ислесиўди муўапықластырыў бойынша республикамыздың миллий дәрежедеги ўәкилликли уйым етип белгиленген.
Ҳүжжет шеңберинде орайлық ўәкилликли уйымлар – Сыртқы ислер, Ишки ислер, Әдиллик, Халық билимлендириўи, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери, НЗҚММТО, Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик бюджет комитети өз-ара шериклер есапланады.
Келисимди турмысқа енгизиў мақсетинде 2009-жыл ШБШ мәмлекетлери нәшебентликке қарсы бирге ислесиўиниң үш басқышлы механизми жаратылды. Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң наркотик затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў ўәкиллигине ийе ўәкилликли уйымлардың басшылары, нәшебентликке қарсы гүресиў уйымлары лаўазымлы шахсларының мәжилислерин өткериў, Экспертлердиң жумысшы топарларын қәлиплестириў, Бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарын жетилистириў ҳәм басқа да бир қатар бағдарлар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынған.
Механизм шеңберинде 2018-жылы ШБШға ағза мәмлекетлердиң 2018-2023-жылларға шөлшерленген нәшебентликке қарсы стратегиясы ислеп шығылып, ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған Ҳәрекетлер бағдарламасы қабыл етилди. Ҳәзирги ўақыт ўәкилликли уйымлар тәрепинен бул бағдарламаны турмысқа енгизиў бойынша ис-режеси әмелге асырылмақта.
Ўәкилликли уйымлар басшыларының бул ретки мәжилисинде 2004-жылы 17-июньде қол қойылған ҳүжжетте белгиленген мақсетлер, атап айтқанда, наркотик, психотроп затлар ҳәм прекурсорлардың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиўде Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң биргеликтеги ҳәрекетине баҳа берилди. Тәреплер улыўма стратегия шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў зәрүр екени ҳаққында исенимли пикир билдирди.
Ушырасыўда делегация басшыларының ШБШ мәмлекетлери арасындағы Келисим шеңберинде әмелге асырылатуғын келешектеги жумыслар бойынша шығып сөйлеўлери тыңланды. Шөлкемниң 2018-2023-жылларға мөлшерленген наркотик затларға қарсы гүресиў стратегиясы, усы ҳүжжетти әмелге асырыў ушын қабыл етилген Ҳәрекетлер бағдарламасы, сондай-ақ, нәшебентликтиң алдын алыў, усы кеселликти емлеў бойынша илажларды әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың бирге ислесиўин күшейтиў белгиленди.
Илаж жуўмағы бойынша тийисли Протоколға қол қойылды.
Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер нәшебентлик затларға қарсы гүресиў бойынша ўәкилликли уйымлар басшыларының кейинги, он үшинши мәжилисин 2023-жылдың биринши ярымында Ҳиндстан Республикасында өткериўге келисилди.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы