Кеше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Оны Сенат Баслығы Танзила Норбаева алып барды.

Мәжилис онлайн тәризде өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжилисин 2022-жыл 28-апрель күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде еки күн даўам ететуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелер көрип шығылыўы нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның 2022-жылдың биринши шерегинде орынланыў жуўмақлары бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты додаланады.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Ғаниевтиң фермер хожалықлары жумысының кепилликлерин тәмийинлеў жағдайы бойынша мәлимлемесин де тыңлайды.

Жалпы мәжилисте Есап палатасы, Орайлық банк, Бас прокуратураның 2021-жылғы жумысы ҳаққындағы есабатлары, Балалар мәселелери бойынша миллий комиссияның жәрдемши баслығының өткен дәўир ишиндеги жумысы бойынша  мәлимлемеси тыңланады.

Өзбекстан Республикасы әдиллик министрлигиниң 2021-жылы ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси, сондай-ақ, нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи бойынша әмелге асырылған мониторинг нәтийжелери қарап шығылып, Әндижан ўәлаяты ҳәкиминиң есабатларын тыңлаў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл 31-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың аймақларда әмелге асырылыўы бойынша рейтинг системасын енгизиў ҳаққында»ғы Қарарының орынланыўын көрип шығыў да режелестирилген.

ӨзА