Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар мәселелер ҳәм нызам жойбарлары көрип шығылды.

Дәслеп мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Жаслар мәселелери бойынша комиссиясы баслығы лаўазымына Муҳаммад Валиевтиң кандидатурасы мақулланды.

Буннан кейин депутатлар «Мәмлекетлик кадастрлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда статьяма-статья көрип шықты. Бул ҳүжжетте тараўды буннан былай да жетилистириў, мағлыўматлардың дурыслылығын тәмийинлеў мәселелери өз сәўлелениўин таппақта.

Атап айтқанда, жойбар менен «Мәмлекетлик кадастрлар ҳаққында»ғы нызамның 8 статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылып атыр. Кадастр агентлиги Миллий географиялық мәлимлеме системасын жүргизиў тараўында арнаўлы ўәкилликли уйым есапланатуғыны, мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасы Өзбекстан Республикасы Миллий географиялық мәлимлеме системасында қәлиплестирилетуғыны, мәмлекетлик кадастрлардың мағлыўматлары мәлимлеме қәўипсизлигиниң талапларына әмел еткен ҳалда тиккелей берилип барылатуғыны ҳәм басқа да нормалар өз көринисин тапқан.

Халық ўәкиллери нызам жойбарын көрип шығыў процесинде мәмлекетимиз ҳәм айырым аймақлардың тәбийғый-экономикалық потенциалының бирден-бир есап-санағының жүргизилиўи, тараўдағы мәлимлеме системалары, оларда сақланатуғын, жүргизилетуғын мағлыўматлардың анықлығын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, мәжилисте «Судлар жумысының санластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Оған бола, Өзбекстан Республикасының процессуаллық нызамшылығын жетилистириў мақсетинде Жынаят-процессуаллық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Пуқаралық процессуаллық, Экономикалық процессуаллық ҳәм Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекслерге тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбары менен суд иси бойынша тәреплерди суд мәжилиси ҳаққында «SMS» хабар арқалы хабардар етиўдиң процессуаллық тийкары белгиленип, судқа берилген мүрәжаттың жағдайын онлайн бақлап турыў имканияты суд иси бойынша тәреплердиң процессуаллық ҳуқықы сыпатында беккемленбекте. Сондай-ақ, суд мәжилислеринде суд имаратына келместен аралықтан турып, мобиль видеоконференцбайланыс режиминде қатнасыўдың процессуаллық тийкары ҳәм тәртиби белгиленбекте.

Халық ўәкиллериниң атап өтиўинше, нызам жойбарының қабыл етилиўи пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға, олардың артықша қәрежетлерин үнемлеўге, мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинглердеги абырайын арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Нызам жойбары менен «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 46-статьясынан ҳәкимшилик аудиторлық тексериўден өткериў нормасын белгилиў көзқарасынан норманы шығарып таслаў усыныс етилмекте.

Сондай-ақ, аудиторлық шөлкемлер тәрепинен аудиторлық жумыс тараўындағы нызамшылық талапларына әмел етилип атырғаны бойынша «Аудит» программалық комплекс арқалы аралықтан мониторинг алып барыў, социаллық әҳмийетке ийе өзгешеликти сәўелелендиретуғын сапа нормалары тийкарында ҳәр жылы ҳәкимшилик аудиторлық тексериўден өтиўи керек болған шөлкемлердиң дизимин қәлиплестириў нәзерде тутылып атыр.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилди.

«Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары менен электрон коммерция қатнасыўшыларына, олардың миллий реестрине киргизилип атырған ямаса киргизилмегенине қарамастан, пайда салығы ҳәм айланыстан алынатуғын салық бойынша жеңилликлер берилиўи, жаңадан қурылып атырған бағлар, жүзим атызлары ҳәм тутзарлар ийелеген жерлерге юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша жеңилликли дәўир үш жылдан бес жылға созылыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, балалықтан майыплығы болған шахслар, I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар ушын дәрамат салығы бойынша белгиленген жеңиллик мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 1,41 есесинен 3 есесине шекем арттырылыўы нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбары менен 2022-жыл 1-февральдан 2025-жыл 1-январьға шекемги дәўирде болса боялған таўар, гезлеме ҳәм таяр тигиў-трикотаж өнимлерин экспорт етиўден түскен дәраматлар барлық товарлар ҳәм хызметлердиң реализациясында кеминде 80 процентти қурайтуғын кәрханаларға социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленип атыр.

Соның менен бирге, 2022-жыл 1-январьдан 2031-жыл 1-январьға шекемги дәўирде Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўындағы исбилерменлик субъектлерине пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, социаллық салық ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын 1 процент муғдарында төлеў ҳәм мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкаларын усы салық ставкалары бойынша есапланған суммадан 1 процент муғдарында төлеў түриндеги жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта.

Қызғын дөдалаўлардан кейин нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибиниң әпиўайыластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жер кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылып, қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы