Бүгин, 19-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстанның Франциядағы Елшиханасы ҳәм Франция Халықаралық бирге ислесиў ҳәм билимлендириў ассоциациясы (ASIE) тәрепинен шөлкемлестирилген сапар шеңберинде усы мәмлекет жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлеринен ибарат делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры М.Жалелов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, институтта халықаралық шөлкемлер, жоқары оқыў орынлары менен жолға қойылған еки тәреплеме бирге ислесиў жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди.

Соңғы жылларда институттың Франциядағы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары менен байланыслары артып бармақта. Атап айтқанда, 2020-жыл декабрь айында институтта Өзбекстанның Франциядағы елшиси Сардор Рустамбаев пенен ушырасыў даўамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Франция Оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) арасында инклюзив билимлендириў бағдарында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылған еди.

Бүгинги болып өткен ушырасыўда ASIE шөлкеминиң раўажланыў бойынша вице-президенти, Бурж технологиялық университетиниң инглис тили оқытыўшысы Элоди Каумон сапардың мақсети еки мәмлекет жаслар арасында өз ара алмасыўды жеделлестириў, қоршаған орталық ҳәм экология тараўында өз ара тәжирийбе алмасыў мәселелерин додалаўдан ибарат екенлигин атап өтти.

Ушырасыўда франциялы профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер институт студент-жаслары менен сәўбетлесиўлер өткерип, Франциядағы жоқары билимлендириў системасы, имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берди. Өз гезегинде, институт студентлери де Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары, соңғы жылларда экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ушын алып барылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында сөз етти. Жаслар усы бағдарда өз ара еркин сәўбетлести, бир-бири менен пикир алмасты.

Илажда институттың музыкалық тәлим бағдарында оқып атырған талантлы студентлер қобыз ҳәм аламойнақ дуўтарда қарақалпақ дәстанларынан үзиндилер атқарып, миллий саз әсбаплары, айтылған дәстанлар ҳаққында мағлыўматлар берди.

Соның менен бирге, мийманларға Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қаракалпақнама» шығармасы, қарақалпақ жыраўы сәўлеленген естелик саўғалары тапсырылды.

Франциялы мийманлар усындай сый-ҳүрмет ушын миннетдаршылық билдирип, институтқа сапарын жуўмақлады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.