«Талантлыларға жәрдем бериң, талантсызлар өзлери жолын таўып алады» деген
сөз усындайда ҳәрдайым ядыма түсе береди…
Бир-еки жыллықта «Бүгин республикамызда шығып турған көпшик жергиликли газеталар өлип болды, буннан былай олар стилин, формасын өзгертпесе жасай алмайды» деген магистрант қыздың дссертация жақлаўы пайытында шығып сөйлеўи мәмлекетлик комиссия ағзаларының арасында тартыслы пикирди келтирип шығарды: газеташылардың кеўлине келди, «олай демең, газеталар өлген жоқ, газеталар өлмейди, газеталар жасаўы тийис» деди; «Интернет оларды қатардан қысып шығарады, газеталардың кереги шамалы» деди тағы бири.
Сонда газеталар менен бирге сол газетада ислеп, тиси шыққан, соған бейимлескен қәдирдан кәсиплес-қәлемлеслеримниң де «өлип кететуғынына» исенгим келмеген!
***
Журналистика кешеги күн менен жасай алмайды.
Ол да бендеси киби ҳәр демде нәпес алып турыўы тийис.
Газета да сондай.
Тилекке қарсы, ендигиден былай бизиң миллий газеташыларымыз тек өткен күнлерди еслеў менен ғана жасайтуғындай…
***
Кеше миллий газеталарымыздың бириниң бас редакторы менен жолығысып қалдым.
Қәдимги қарақалпақшылық, көрисип болғаннан ҳал-аўҳал сораса баслайсаң. – Аўҳал жақсы емес, – деди ол дәлиден туўры хабарлығына басып, – урыстың (1941-1945 жж.-Т.М.) ўақтында да шығып турған гәзийтлер абаданшылық заманда шықпай қалды!..
– Қой, дәртимди айта басласам, төгиле береди, асығыс едим, кете берейин, басқа ўақытта гүрриңлесермиз, – деп табанын жалтыратқанша асықты.
–Ҳайранман, дөретиўши жәмәәтлерге не болды екен?..
***
–Қәлеми жоқлар жолын таўып кетер, қәлеми барларға қыйын болды-аў, – дедим сырнығып шәкиртимиз, сонша жыллық тәжирийбе мектебинен өткен белгили журналист кәсиплесимизге.
–Несин сорайсыз, апажаным, газетаға жазылыў азайып, хабарландырыў қуралымыздан айырылғалы қәлемлеримиздиң ушы жемирилип, топырланып қалғандай, «мақала жаза алмайды» деген насақларға да таңылып атырмыз. Басыңнан бахтың таймағай екен, тайса, бир майданда қырлап қалған балық қурлым қәдириң қалмас екен, – деп ол да дәртин айтып жарыла кетти.
– Сизлердиң редакцияның жағдайы жақсыдай еди, қалай бирден олай болағойды? – деп сорадым билгим келип.
– Үш-төрт жыл алдын редакциямыздың бир қатар хызметкерлерине штаты қысқартылыўына байланыслы еки ай ишинде жумыс таўып алыўы тийислиги туўралы билдириў хаты берилди. «Хат» алғанлардың қатарында қәлеми ысылған журналистлерден баслап сипсекешке дейин бар еди. «Енди не қылсам екен?» деп телпегимиз менен ойласқанымда, ядыма жақын арада болып өткен ўақыялар түсти…
***
Усы ылаң басланғалы « енди не қылсақ екен» деп ойланатуғын болдық бәримиз. Солар қатарында мен де ўақтында ел басқарған, көпти көрген елимиздиң ардақлы ақсақаллары, өмири ат үстинде өткен ветеран-нураный апалар, илим-билим пидайылары, дөретиўши талант ийелери менен сәўбетлесиўлер алып барылды. Сондағы жаман ойымыз, олардың да шөлкемлестириўшилик тәжирийбелерин үйренип көрейик дегенимиз-ғой. Соның менен бул усылды да иске салып көрдик. Олардың пикирлерин газетада жәриялап бардық.
Енди мине көптен күткен мыррық күн де келип қалды, «сокрашение» деген бәлени бизиң басымызға да рәўа көрди.
Бир тыңласа, дәртимди сол адам еситер, деген пәм менен тәўекел есигин қақтым, сол сәўбетлеслеримнен бири менен жолығыўға қарар еттим!
– Газетаның шықпай қалыўы апатшылық-ғой! Халық газетасыз қалыўы мүмкин емес! – деди ашынып ол. – Мен бир қолдан келгенше ҳәрекет етип көрейин.
Буннан кейин журналистикамыздың, журналистлеримиздиң жағдайы туўралы әңгимелесип, әдеўир ўақыт гүрриңлесип отырдық.
***
Декабрьдиң соңғы күнлери редакциямыз хызметкерлери ушын тәшўишли өтип атыр. Киятырған жылдан қәўетердемиз. Ҳәр ким өзинше ҳәрекет етип атырмыз. Бәрибир жазылыўды көтериўдиң илажы кеўилдегидей емес…
Сөйтип жүргенимизде нобай қаржы келип түсти! Газетамыз әнедей шыға баслады. Неде болса, бәримиздиң бир жыл болса да күнимизди көретуғын болдық, деген дәмемиз пуш болып шықты, изли-изинен бәримиз дағысып, тек бас редактор менен бир-еки штатлы хызметкер ғана қалдық. Бирақ «аңлыған жаў алмай қоймас» дегендей, алты айдан кейин маған да гезек келди…
***
– Қызым, қаяқтасаң, газетадан атыңды таба алмай, гүптикей менен қоңыраў етип атырман. – Телефон артындағы таныс даўыс кеўилимдеги ғубарды аз да болса сейилткендей еди.
– Мен қысқартылдым!
– Шөмиш сенде деп ойлап қалып едим! – Ғәзепленди ол.
– Ашыўланбаңыз, қолыңыздан келген ҳәрекетти иследиңиз, көп адамларға пайдаңыз тийди, соның өзи жетеди, – дедим оның қабарған кеўлин жумсартпақшы болып.
***
Еки журналист пенен бир мәўритке көрисип, қысқа ғүрриңлесиў аўыр ойға талдырды, әсиресе, аўзы дуўалы ақсақалымыздың тәшўишленип айтқан сөзлери қулағымның түбинде қалып қойғандай:
– Газета шықпай қалыўы – бул апатшылық-ғой!
Не де болса, қәлеми барларға обал болды, деп гүбирлендим өзимше.
Тамара Машарипова.
2022-жыл, Апрель, Нөкис қаласы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги