Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў арқалы базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша шараятлар жаратыўға байланыслы видеоселектор мәжилиси даўам етип атыр.

– Ўақыт жүдә аз қалды, дийқаншылықта бәҳәрдиң ҳәр бир күни, ҳәр бир сааты әҳмийетли,-деди мәмлекетимиз басшысы мәжилисте дийқан ҳәм фермерлеримизди ең көп қыйнайтуғын мәселелерди санап өтти:

– зүрәәтли ҳәм исенимли туқым ҳәм нәл түрлериниң аз екенлиги,

– маңлай тери менен жетистирилген өнимниң кепилликли  сатып алынбаўы.

Сол себепли, зүрәәтли туқым ҳәм нәл түрлерин орынларға жеткериў ҳәм өнимди сатып алыўға Аўыл хожалығы қорынан Бағшылық агентлигине қосымша 300 миллиард сум ажыратылады.

Сондай-ақ, жаңа суў сақлағышлардың әтирапындағы 100 мың гектардан аслам жерлерге исбилерменлерди тартып, инфраструктура жаратыўға жәрдем берип, сәйкес келетуғын егинлер егиўди шөлкемлестириў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Ўәлаят ҳәкимлерине бир ай мүддетте:

– өзиниң аймағындағы суў сақлағышлары әтирапындағы жаңа жерлердиң картасын дүзиў;

– жерлерди контурларға ажыратып, оларға ирригация тармағын жойбарлаў;

– бул майданларда азық-аўқат егинлерин егиўге таяр инвесторларды тартыў бойынша жойбар топламларын таярлаў тапсырылды.

ӨзА