18-23-апрель күнлери Республикамыздың барлық аймақларында «Китапқумар миллет» сүрени астында II Республикалық «Китапқумарлық ҳәптелиги» шөлкемлестириледи.

«Китапқумарлық ҳәптелиги» президент тәрепинен алға қойылған «Бес баслама» ҳәм ҳүкиметтиң 2020-жыл 14-декабрьдеги қарарына тийкарланып дәстүрий тәризде өткерилип келинеди.

«Китапқумарлық ҳәптелиги»нде 100 ден аслам баспада кейинги жылларда басып шығарылып атырған жаңа китаплардың презентациялары, онлаған белгили, жас ҳәм талантлы жазыўшы ҳәм шайырлар менен ушырасыўлар болып өтиўи, китаплардың мазмун-мәнисин байытыў сыяқлы бир қатар мәселелер көрип шығылады.

Сондай-ақ, «Меҳир китапханасы» социаллық жойбар арқалы республикамыздағы Меҳрибанлық ҳәм Мүриўбет үйлериниң китапханаларына китаплар берилиўи нәзерде тутылған.

Журналистика, филология, аўдарма бағдарларында билим алып атырған студент-жаслар ушын мийнет ярмаркалары да шөлкемлестириледи.

Бул ҳәптеликтиң тийкарғы илажлары, атап айтқанда, салтанатлы ашылыў мәресими 18-апрель күни Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасында ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажлар, ҳәр қыйлы презентациялар, китап саўда көргизбе-ярмаркалары, интеллектуаллық сыйлы викториналар «Magic City» дем алыў паркинде болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги