Кеше Рим қаласында футбол бойынша Европа Конференциялар лигасыныӊ шерек финалынан орын алған «Рома» ҳәм «Будё-Глимт» клублары арасындағы жуўап ушырасыўы болып өтти.

Буннан алдынғы ойында 1-2 есабында жеӊилиске ушыраған «Рома» футболшылары бул ушырасыўға пухта таярлықлар көргенлигин көрсетти ҳәм 1-таймныӊ 5-минутында-ақ есапты ашыўға еристи. Бунда Тэмми Абрахам өзин көрсеткен болса, 23-29-49-минутларда Николо Занёло хет-трикке ерисип, Жозе Моурино шәкиртлерин ярым финалға алып шықты.

Ал, Нидерландияда болып өткен «ПСВ» ҳәм Англияныӊ «Лестер» клублары арасындағы ойын 1:2 есабында «түлкилер»диӊ пайдасына шешилди ҳәм англичан клубы ярым финалға жол алды.

Чехияныӊ «Славия» ҳәм Нидерландияныӊ «Фейеноорд» клублары арасындағы ойын 1:3 есабында жуўмақланған болса, Грецияныӊ «ПАОК» ҳәм Францияныӊ «Марсель» клублары арасындағы ойын 0:1 есабында жуўмақланды.

Солай етип, «Рома», «Лестер», «Фейеноорд» ҳәм «Марсел» клублары усы турнирдиӊ ярым финалына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы