Усы жыл 13-апрель күни Кегейли районындағы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10,8, гектар жер майданында қурылысы режелестирилген «Жаңа Өзбекстан» массивиниң ирге тасы қаланып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, қурылыс жумысларын алып барыў тәртиби, белгиленген объектлерди өз ўақтында сапалы етип тапсырыў зәрүрлигин атап өтти ҳәм тийисли тараў басшыларына ўазыйпалар белгиленди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында республикамыздың Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларында  жаңа турақ жай массивлерин қурыў режелестирилген. Усы районлардағы таңланған жер участкаларында 2022-2026-жылларда 4338 квартиралы 145 турақ жай қурылады. Соннан Кегейли районында 1260 квартиралы 42, Қараөзек районында 648 квартиралы 22, Қанлыкөл районында 2430 квартиралы 81 турақ жай қурыў белгиленип алынды. Аты аталған районларда быйылғы жылы 678 квартиралы 23 турақ жайдың қурылысы режелестирилген.

Атап айтқанда, Қараөзек районындағы «Есим» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10 гектар жер майданында 168 квартиралы 6 турақ жай, 1 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў, Кегейли районындағы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10,8 гектар жер майданында 210 квартиралы 7 турақ жай, 1 улыўма билим бериў мектеби, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин,1 денсаўлықты сақлаў объектин қурыў, Қанлыкөл районындағы «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 14,3 гектар жер майданында 300 квартиралы 10 турақ жай, 1 улыўма билим бериў мектеби, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў белгиленген.

Соның менен бирге, усы үш массивте шаңарақлық поликлиника, мәденият үйи, коворкинг, саўда ҳәм кеўил ашар, хызмет көрсетиў орайлары, хостел, аўқатланыў шақапшалары, мәҳәлле гүзары имаратлары, дем алыў бағы ҳәм спорт комплекслери қурылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги