Әскерий хызметин өтеп атырған (резервке, пенсияға босатылған) контракт бойынша әскерий хызметкерлер 10 жыл ҳәм оннан көбирек хызмет еткенде өзлери жасап атырған турақ жайларды бийпул меншиклестирип алыўы мүмкин.

Жабық әскерий қалашалар аймағында жасайтуғын әскерлерге жабық әскерий қалашалар шеңберинен тысқарыда турақ жайлар бериледи.

Турақ жай менен тәмийинленбеген әскерий хызметкерлерге олардың арзасына бола турақ жай ушын 25 процент дәслепки төлем төлеп берилип, узақ мүддетли ипотека кредити берилиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги