Кеше Мадрид ҳәм Ливерпул қалаларында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасыныӊ шерек финалынан орын алған еки ойын болып өтти.
Олардыӊ биринде Юрген Клопп басқарыўындағы «Ливерпуль» өз майданында Португалияныӊ «Бенфика»сы менен өз-ара ярым финал жолламасы ушын күш сынасты.
Оғада қызықлы болып өткен ойыннныӊ биринши таймы 1-1 есабы менен жуўмақланған болса, екинши таймныӊ 55-65-минутларында Роберто Фирмино дублге ерисип, Ливерпул жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.
Буннан кейин португалиялылар көплеген ҳүжимлер шөлкемлестирип, 73-81-минутларында ушырасыўдағы есапты теӊлестириўге миясар болды. Ал қалған минутларда болса «Бенфика» футболшыларыныӊ ойындағы есапты өзгертиўге шамасы келмеди ҳәм бул турнир менен шерек финалда хошласыўға мәжбүр болды.
Испанияда болып өткен және бир ушырасыўда болса, Мадридтиӊ «Атлетико»сы Англияныӊ «Манчестер Сити» командасы менен өз-ара ушырасып, бул ойында улыўма есап ашылмады ҳәм Гвардиола шәкиртлери ярым финалға шығыўға еристи.
Енди ярым финал ойынларында Англия клублары Испанияныӊ «Реал» ҳәм «Вильярреал» клублары менен күш сынасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы