Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрельдеги 178-санлы қарары тийкарында «Миллий транспорт басқарыў гүўалығының ҳәм автомототранспорт қуралының дизимге алынғанлығы ҳаққындағы гүўалығының жаңа үлгилерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарға өзгерислер киргизилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Киргизилген өзгерислерге муўапық, ески үлгидеги барлық миллий транспорт басқарыў гүўалықлары ҳәм автомототранспорттың дизимге алынғанлығы ҳаққындағы гүўалықларды мәжбүрий алмастырыў мүддети төмендегише узайтылды:
– 2010-жылға шекемги болған дәўирде берилгенлери – 2023-жыл 31-мартқа шекем;
– 2010-2012-жылларда берилгенлери – 2023-жыл 30-июньға шекем;
– 2013-2015-жылларда берилгенлери – 2023-жыл 30-сентябрьге шекем;
– 2015-жылдан кейин берилгенлери – 2023-жыл 31-декабрьге шекем.
Жоқарыдағы мүддетлерге шекем алмастырылмаған гүўалықлар ҳақыйқый емес деп есапланады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.