«Инженерлик-коммуникация тармақлары ушын жер участкаларын ажыратыў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-204-санлы, 12.04.2022-ж.) қабыл етилди.

Қарар менен Инженерлик-коммуникация тармақлары ушын жер участкаларын ажыратыў тәртибин жетилистириў бойынша «жол картасы» тастыйықланды.

«Жол картасы» шеңберинде басқаның жеринен шекленген түрде пайдаланыў ҳуқықы (сервитут) институты буннан былай да раўажландырылады.

Турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылған жерден пайдаланыў тараўындағы ҳуқықый қатнасықлар жетилистириледи.

Инженерлик-коммуникация тармақлары ушын жер ажыратыўдың төмендеги тәртиби енгизилди:

-темир жол линиялары ҳәм автомобиль жоллары ушын ўәлаят ҳәкимлериниң қарары менен турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылады;

-электр, байланыс линиялары, газ, нефть, суў ҳәм канализация қубырлары, аўыл ҳәм тоғай хожалығы қурамындағы ишки жоллар ҳәм киши суў бассейнлери ушын жер ажыратыў талап етилмейди (техникалық талапларда белгиленген жағдайлар буған кирмейди). Олар ушын сервитут белгиленеди;

-сервитут ҳуқықы келисим түринде, келисимге ерисилмегенде болса суд қарары менен рәсмийлестирилиўи мүмкин;

-сервитут белгиленген жер ушын жер салығы (ижара төлеми) жер мүлк ийеси, ийеси, пайдаланыўшысы ҳәм ижарашысы тәрепинен төленеди.

Қарар менен Аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәм тоғай фонды жерлериниң жер фонды категорияларын өзгертиў мәселелерин көрип шығыў бойынша Ҳүкимет комиссиясы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентилиги