Өзбекстанда еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, жәмийетлик реформалардың басламашылары принципин әмелге асырыў мақсетинде халықтың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январь күнги «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында, Республиканың барлық аймақларында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, эспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилеринен ибарат Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетшилик топарларын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген.

Пәрманда белгиленген усы ҳәм басқа да тийисли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жыл 13-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетшилик топарының қурамын тастыйықлаў ҳәм топарды шөлкемлестириў мәжилисин өткериў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Оған «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети қәнигелери,  аймағымызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм белсенди пуқаралар қатнасты.

Мәжилисти Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ашты ҳәм алып барды.

Мәжилисте «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекетиниң баслығы, Олий Мажлис нызамшылық палатасының депутаты Б.Бекмуродов шығып сөйлеп, раўажланыў стратегиясының турмысқа енгизилиўинде жәмийетлик қадағалаўдың, соның ишинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының роли айрықша екенлигин атап өтти.

Пуқаралық жәмийети институтларының роли ҳәм әҳмийети, әсиресе, жуўапкер министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша жәмийетлик мониторинги ҳәм жәмийетшилик қадағалаўы сыяқлы илажларды шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер бойынша түсиниклер берилди.

Мәжилисте министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары, экспертлер ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасыўында Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетшилик топары шөлкемлестирилип, оның ағзалары таныстырылды.

Атап айтқанда, пәрманда белгиленгениндей, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети басламасы менен исленген жәмийетшилик топарына турақлы түрде есабат берип барыўы ҳәм сол арқалы Раўажланыў стратегиясында белгиленген мақсетлерге ерисилгенлик бойынша жыллық алтернатив есабатлар жәриялаўы белгиленди. Итибарлысы, бул есабатлар арқалы орынлардағы жергиликли мәмлекетлик уйымлардың жумысларына баҳа берилиўи айрықша айтып өтилди.

Илажда Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының орынланыўын тәмийинлеўде бәрше бирдей жуўапкер екенлиги ҳәм белгиленген мақсетлерге барлық ҳәрекетлерди бирлестириў арқалы ғана ерисиў мүмкинлиги ҳаққында пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери