Усы жыл 11-апрель күни Қарақалпақсан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен тийисли министрликлер менен биргеликте «Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын» атамасында жас ҳәўескер бақсылар таңлаўының республикалық басқышы өткерилди.
Онда шөлкемлестириўши министрликлер менен уйымлар, белгили көркем өнер ғайраткерлери, бақсышылық көркем өнериниң ықласбентлери ҳәм жас ҳәўескер бақсылар, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Республикалық таңлаўдың ашылыў мәресиминде дәслеп жыйналғанлар нәзерине «Жаңа Өзбекстан» видеоролиги қойып берилди.
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Халық билимлендириў министриниң орынбасары Ш.Таджимуратов ҳәм Өзбекстан халық бақсысы, төрешилер қурамының баслығы Ғ.Өтемуратовлар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, cоңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында елимизде руўхый-ағартыўшылық илажлар системасын буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллериниң руўхый дүньясын байытыў бағдарында көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған 12-16 жас аралығындағы ҳәўескер ул ҳәм қыз бақсылардың қатнасыўында шөлкемлестирилип атырған бул таңлаў да усы илажлардың даўамлы көриниси болып, ол Орайдың Қарақалпақстан бөлими тәрепинен туңғыш мәрте өткерилип атырғаны менен әҳмийетли болып табылады.
Усы жылдың 28-март ҳәм 8-апрель аралығында таңлаўдың биринши – Нөкис калалық ҳәм районлық басқышлары өткерилип, бүгинги екинши басқышта онда жеңимпаз болған 17 ҳәўескер ул ҳәм қыз бақсылар қатнаспақта.
Таңлаўды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет – республикамыздағы жас бақсылардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў ҳәм бул арқалы миллий көркем өнеримизди, соның ишинде, бақсышылық өнерин буннан былай да раўажландырыў ҳәм оны келеси әўладқа сап ҳалында жеткериў, тараўда қәлиплескен дөретиўшилик мектеплердиң өзине тән атқарыў усылларын жүзеге шығарыў, «Устаз-шәкирт» дәстүрлерин даўам еттириў, жаслардың миллий қәдириятларымызға тән болған қызығыўшылығын және де арттырыў, талантлы жас атқарыўшыларды излеп табыў және оларға әмелий жәрдемлер бериў, сондай-ақ, олардың дөретиўшилигин кең түрде үгит-нәсиятлаў болып табылады.
Таңлаў шәртлерине муўапық, ҳәўескер бақсылар белгиленген халық намаларын атқарыў арқалы өз өнерлерин көрсете баслады. «Бесперде», «Келте налыш», «Гал-галай», «Гөр қыз», «Арыўхан», «Хожа бала» ҳәм «Налыш» сыяқлы қарақалпақ халық нама-қосықлары жыйналғанларға жоқары руўхый заўық бағышлады.
Қатнасыўшылардың шығыўлары төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.
Таңлаў жеңимпазлары анықланып Тахтакөпир районындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Гүлназхан Өтепбергенова биринши, Нөкис қаласындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ҳүрлиман Орынбаева екинши, Қоңырат районындағы 37-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Беглан Әдилбаев үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар Республикалық Руўҳыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң арнаўлы диплом ҳәм статуэткалары және естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Таңлаўда сондай-ақ, бир топар белсене қатнасқан ҳәўескер бақсылар анықланып, оларға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң арнаўлы дипломлары инам етилди.
Таңлаў жуўмағында жыйналғанларға Нөкис қалалық мәденият бөлими тәрепинен таярланған арнаўлы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери