Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-762-санлы, 11.04.2022-ж.) менен суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў процесине араласқаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик киргизилди.
Оған муўапық, бул ҳәрекетлер ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин жүз берсе, 1 жылдан 3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин.
Сондай-ақ, ири келисимлер дүзиўде, финанс-кредит хызметлерин көрсетиўде, халықаралық жолаўшы тасыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлық бар екенлигин тесермеў де ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.
Нызам менен орынлаў жумысын жүргизиўдиң әпиўыйыластырылған тәртиби белгиленди. Оған бола, әпиўайыластырылған тәртипте өндириў қарыздардың мүлкине (ақша буған кирмейди) қаратылмайды ҳәм қарыздарға жуўапкершилик шаралары қолланылмайды.
Әпиўайыластырылған тәртипте өндириў банктеги ақшаға, МҲТЕКМнан (822 мың сумнан) көп болмаған сумманы өндириў ушын болса мийнет ҳақысына, стипендия, пенсия ҳәм басқа да дәраматларға қаратылады.
Қарақалпақстан хабар агентилиги