Усы күнлери Мексикада теннис бойынша “Challenger”  дүркимине кириўши “San Luis Potosi” турнири болып өтпекте.

Бул турнирде қатнасып атырған өзбекстанлы Денис Истомин 1/16 финал ойынында бразилиялы Матеус Пучинелли де Алмейдаға қарсы кортга шықты ҳәм 2 саат 3 минут даўам еткен ойында қарсыласын 7/6 1/6 3/6 есабында жеӊип шығыўға миясар болды.

Енди Денис Истомин 1/8 финал басқышында америкалы Эрнесто Эскобедо менен ушырасады.

Бүгинги күнге келип Истомин АТР рейтингинде 296, Эрнесто болса 143-орынды ийелеп турыпты.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы