2022-2023-оқыў жылынан баслап «Заковат» интеллектуал ойыны ҳәм басқа интеллектуал ойынлардың республикалық басқышында жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орынларды ийелеген командалардың ағзалары ушын жыл даўамында ҳәр айда «Заковат стипендиясы» бериледи.

«Заковат стипендиясы» интеллектуал ойынлардың республикалық басқышында төмендегише бөлистириледи:

1-орынды ийелеген оқыўшы-жаслар ҳәм студентлерге базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында (ҳәзирги ўақытта 1 350 000 сум);

2-орынды ийелеген оқыўшы-жаслар ҳәм студентлерге базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында (ҳәзирги ўақытта 1 080 000 сум);

3-орынды ийелеген оқыўшы-жаслар ҳәм студентлерге базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында (ҳәзирги ўақытта 810 000 сум) белгиленеди ҳәм жыл даўамында ҳәр айда төлеп бериледи.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.