Франция президентлигине сайлаўдың дәслепки басқышынан соң, күтилгениндей, мәмлекеттиң әмелдеги жетекшиси Эммануэль Макрон ҳәм оның тийкарғы конкуренти Марин Ле Пен басқа талабанларды сезилерли дәрежеде изде қалдырмақта. Бул еки сиясатшы да теңдей – 24 процент даўыс топлады, деп хабар бермекте сырт ел интернет басылымлары.

Франция президенти бес жыл мүддетке сайланады. Биринши турда талабанлардың ҳеш қайсысы пүткиллей үстинликке ийе бола алмаса, яғный 50 процентлик шегараға жете алмаса, екинши тур өткериледи. Демек, режеге бола, беллесиў 24-апрель күни даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги