2024-жылы Франция пайтахты Париж қаласында жазғы Олимпиада ойынлары болып өтеди. Онда дүньяныӊ еӊ күшли спортшылары спорттыӊ 32 түри бойынша өз-ара күш сынасады.
Өзбекстанлы спорт жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда бокс бойынша өткерилетуғын жарысларда ерлер 51 кг, 57 кг, 63,5 кг, 71 кг, 80 кг, 92 кг, +92 кг ларда, ҳаял-қызлар 50 кг, 54 кг, 57 кг, 60 кг, 66 кг, 75 кг салмақ категорияларында рингке шығады.
Еслетип өтемиз, Токио Олимпиадасында ерлер 8, ҳаял-қызлар болса 5 салмақ категориясында гүрес алып барған еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы