Бирлескен Араб Әмирликлеринде қылышпазлық бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Қызлар арасында сабля бағдары бойынша жарысқа түскен қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова бронза медалын қолға киргизди. Жерлесимиз ярым финалда қарсыласы америкалы Магда Скарбонкевичке имканиятты берип қойды. Солай етип, ярым финалға шекемги жолды басып өткен Зайнаб жәҳән чемпионатының бронза медалына ийелик етти.

Сондай-ақ, бүгинги күнниң бағдарламасында қарақалпақстанлы қылышпазлар Шерзад Мамутов ҳәм Пазылбек Генжебаев, сондай-ақ, Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Бобуржон Расулов та жарысларға түсип, жақсы тәсир қалдырды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.