Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық–экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 7-июль күни Наманган ўәлаятына барды.
Наманган – елимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланған, сулыў ўәлаятларынан бири. Соңғы жылларда оның экономикалық потенциалы артып, қала ҳәм аўыллар абат болып бармақта. Усы жылдың биринши шерегинде жалпы аймақлық өним 8,7 процентке өскен. Бул үлкен дөретиўшилик жумысларға тийкар болмақта.
Ғәрезсизлигимиздиң 25 жыллығы қарсаңында Қамшық өткели арқалы 19,2 километрлик бийбаҳа туннелди өз ишине алған Ангрен – Пап электрлестирилген темир жолы ашылғаны елимиз турмысында тарийхый ўақыя болды. Бул жол көплеген экономикалық имканиятлардың қатарында Наманган ўәлаятының әҳмийетли транзит аймағына айланыўын да тәмийинледи.
Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың 2015-жыл 24-ноябрьдеги қарары менен тастыйықланған 2016-2019-жылларда Наманган ўәлаятының санаат потенциалын раўажландырыў бағдарламасына муўапық жүзлеген инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Олардың арасында улыўма нырқы 2 миллиард 1 миллион доллар болған Тўрақўрғон ыссылық электр станциясы тек ғана Наманаган ўәлаятында емес, ал Ферғана ойпатлығында да электр энергиясына болған талап ҳәм зәрүрликлерди қанаатландырыўға хызмет етеди.
Пап районында 100 мегаватт қуўатлылыққа ийе болған улыўма нырқы 210 миллион долларды қурайтуғын қуяш электр станциясын қурыў, Мыңбулақ районында 211 миллион долларлық «Мыңбулақ нефть-газ» кәнин өзлестириў ҳәм басқа да инвестициялық жойбарлар ўәлаяттың экономикасын жаңа басқышқа көтереди.
Наманганда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик саласы избе-из раўажланбақта. Ўәлаят исбилерменлери заманагөй технологиялар тийкарында өтимли өнимлер ислеп шығарып, экспорттан үлкен дәрамат таппақта. Усы жылдың биринши шерегинде 79 кәрхана 17,4 миллион долларлық өнимди экспорт еткен. Экспортшы кәрханалардың қатарына 19 жаңа субъект қосылған.
Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасында бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жоқары басқышқа көтериў, елимиздиң барлық аймақлары қатарында Наманган ўәлаятын да избе-из раўажландырыў бойынша үлкен реже ҳәм мақсетлерди айтқан еди.
Президентимиз Наманганға сапары даўамында әне усы режелердиң орынланыўы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм перспективалы жойбарлар менен танысты.
Наманган – көплеген уллы ғайраткерлерге қанат болған үлке. Бул әййемги журтта Маҳдуми Аъзам Косоний, Бобораҳим Машраб, Фазлий Намангоний, Нодим Намангоний, Муҳаммадшариф Суфизода сыяқлы шайыр ҳәм ағартыўшылар туўылып дөретиўшилик еткен.
Шавкат Мирзиёев 2016-жыл 2-ноябрь күни Наманган ўәлаяты сайлаўшылары менен ушырасыўда Исҳоқхон Ибратқа айрықша тоқтап өтип, ол инсанға аталған заманагөй бағ жаратыў, естелик комплексин ҳәм «Ибрат мактаби»н шөлкемлестириў басламасын айтқан еди. Бул усыныс жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып, ҳәзирги күнде қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта.
Президентимиз бул комплекстиң қурылысын барып көрди.
Жаратылған бағ адамлардың мазмунлы дем алыўына қолайлық жаратыў менен бирге руўхый дүньясын да байытады. Бул жерде ағартыўшы бабамыздың ҳәйкели орнатылады. Музей Исҳоқхон Ибраттың өмири, көп қырлы мийнет жолы менен таныстырады. «Ибрат мактаби»нде жаслар шет тиллерди үйренеди. Булардың бәри бир пүтин комплекс сыпатында ойшылдың уллы хызметлерин қәдирлеў, мийрасын оқып үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли орын ийелейди.
X8X әсирде Тўрақўрғон үлкесинде туўылып өскен Ибрат муғаллим араб, парсы, орыс, ҳинд, урду, инглис, француз тиллерин жақсы билген, деди Президентимиз. Дүньяның көплеген еллеринде болып, Шығыс ҳәм Европа илимин, мәденияты ҳәм көркем өнери менен жақыннан танысқан. Елимизге алдыңғы мәденият ҳәм техника жаңалықларын алып келиўге умтылған.
Ибрат муғаллим үлкемизде дәслепки полиграфшылардан бири сыпатында 1908-жылы Оренбург қаласынан литографиялық машина сатып алып, оны Оренбургтан Қоқандқа шекем поездда, Қоқандтан Тўрақўрғанға шекем түйелерге артып, үлкен машақатлар менен алып келген ҳәм өзиниң ҳәўлисинде «Исҳоқия босмохонаси»н шөлкемлестирген. Бул ағартыўшы инсан көплеген илимий, педагогикалық және көркем дөретпелер жаратқан, өзиниң аўылында жаңа мектеп ҳәм китапхана ашқан, халық ушын заманагөй бағ жаратқан, ҳәзирге шекем оғада бийбаҳа есапланатуғын алты тилде сөзлик жаратып, өзиниң баспаханасында басып шығарған. Оның «Фарғона тарихи» шығармасы елимиздиң тарийхына байланыслы бийбаҳа дәреклерден бири саналады.
Мәмлекетимиз басшысы бул комплексти мазмуны жағынан жетилистириў, тил үйретиў бойынша арнаўлы мектепти Наманган мәмлекетлик университети жанында шөлкемлестириў, бул жерде Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети, Өзбекистан Мәмлекетлик жәҳән тиллери университети менен биргеликте шет тиллерди қәнигелестирилген тәризде үйретиў зәрүрлигин атап өтти. Оқытыўшы ҳәм оқыўшыларға барлық шараятлар жаратыў, бул жерде баспахана шөлкемлестириў, комплекстиң әтирапын абаданластырыў бойынша көрсетпелер берди.
Белгили ағартыўшы бабамыз өзине Ибрат лақабын бийкарға таңламаған, деди Президентимиз. Оның ел-журттың раўажланыўы жолындағы пидәкерлик өмири тек ғана өзиниң дәўиринде емес, ал бүгин де бәршемиз ушын ҳақыйқый өрнек үлгиси болып қалмақта. Бул жерде сондай орталық жаратыў керек, уллы бабамызға мүнәсип болсын. Жаслар шет тиллерди, бабаларының тарийхын терең үйренсин. Пайтахтымыздағы университетлердиң оқытыўшылары, шет елли қәнигелер келип сабақ берсин.
Гәп жаслар тәрбиясы ҳаққында барар екен, бул бағдарда асықпаў, жаслар ҳәм ата-аналардың талап-тилеклеринен келип шығып, ҳәр тәреплеме пуқта ойлап ис тутыў керек, деди Президентимиз.
Шавкат Мирзиёев райондағы Наманган көшесинде халықтың арасына кирип, адамлар менен пикирлести. Халық Президентимиздиң келгенинен қуўанышлы екенин, әмелге асырылып атырған өзгерислер менен жаңалықлардан кеўли толып атырғанын билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы Мыңбулақ районындағы «Мыңбулақнефть» Өзбекистан-Қытай қоспа кәрханасына барды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 11-13-май күнлери Қытайға мәмлекетлик сапары даўамында Қытай Миллий нефть-газ корпорациясы директорлар кеңесиниң баслығы Ван Илин менен ушырасты. Бул корпорация елимиздеги углеводород кәнлерин излеў ҳәм қазыў, Мүбарек газ-химия комплексинде тәбийғый газды терең қайта ислеў процесинде белсене қатнаспақта. Ушырасыўда жоқары технологиялар саласындағы жойбарлардың орынланыўының перспективалары ҳәм Өзбекистан экономикасының әҳмийетли тармақларына Қытай инвестициясын тартыў мәселелери додаланды.
«Мыңбулақ кәнинде излеў ҳәм қазып алыў» жойбары узық келешекке мөлшерленген кең көлемли жойбар болып табылады. Жойбар шеңберинде 4 излеў–бураўлар қудығы иске түсириледи ҳәм 4 әмелдеги қудық ири оңланады.
Бул жойбар Өзбекистан Республикасының 2017-жыл Мәмлекетлик инвестициялық бағдарламасының мәнзилли дизимине киргизилген болып, ҳәзирги ўақытта бас жумысты бөлип алып ислеўши – «Xibu Duolling Engineering» компаниясы бураўлаў майданы ҳәм вахта резиденциясындағы таярлық жумыслары жуўмағына жеткерилди. Быйыл Мыңбулақ нефть кәни административлик имаратын оңлаў, М15 излеў-бураўлаў қудығын иске түсириў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў ушын Қытай қаржы-коммерциялық институтлары киргизетуғын 15 миллион долларға тең инвестиция өзлестирилиўи нәзерде тутылған.
Жақында бул жерде М15 излеў қудығы иске түсирилди. Қудықта бураўлаў жумыслары үлкен – 6 мың метрге шекем тереңлик, аномал басым 1200 атмосфера басымы ҳәм коллекторлардың геологиялық қурамалы дүзилиси шараятында алып барылыўы ең заманагөй инженерлик шешимлерди талап етеди. 25 жылға мөлшерленген ҳәм улыўма нырқы 255 миллион доллардан аслам болған бул жойбардың нәтийжесинде Мыңбулақ нефть кәнинде жылына 200 мың тонна суйық углеводород қазып алыў режелестирилген.
М15 излеў-бураўлаў қудығының иске түсирилиўи менен 130 дан аслам жумыс орны жаратылды.
Президентимиз бул кәрхана елимиз экономикасын буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Қурылысшылар ҳәм қытайлы қәнигелер менен сәўбетлести.
Сол жерде Ферғана үлкесинде өткерилген геологиялық излеў жумысларының нәтийжелери туўралы мағлыўмат берилди. Излеў жумыслары көплеген тәбийғый байлықларды анықлаў имканиятын берди. Келешекте оларды өзлестириў бойынша заманагөй кәрханалар шөлкемлестириледи.
Наманган ўәлаятында қурылатуғын гидроэлектр станцияларының жойбары да таныстырылды.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-майдағы «2017-2021-жылларда гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Наманган ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 38,5 мВт, өндирислик қуўатлылығы 150,8 миллион кВт саатты қурайтуғын киши гидроэлектр станцияларын қурыў нәзерде тутылған. Соның ишинде, Учқурғон районы аймағында Катта Фарғона каналында киши ГЭСлер каскадын қурыў режелестирилген.
Президетимиз суўдан энергия алыў тәбият инам еткен имканият, бундай энергия қайта тиклениўи, экологиялық тазалығы ҳәм арзанлығы менен абзал екенлигин атап өтти. Қытай тәжирийбеси тийкарында елимиздиң барлық аймағында киши гидроэлектр станцияларының қурылысы, келешекте электр тәмийнатының үлкен бөлеги усы дәреклердиң есабынан қапланатуғынын атап өтти.
Суў тазалаў объектлерин қурыў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўдиң көлемин кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы Тўрақорғон районындағы «G9ld F43!h F4785!» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде аўыл хожалығын раўажландырыў жойбарлары менен танысты.
Елимизде аўыл хожалығын, әсиресе, шарўашылықты, қусшылықты, бағшылықты раўажландырыў, бул бағдардағы жаңа жойбарларды турмысқа енгизиўге қаратылып атырған айрықша итибар азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиўге, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте.
«Gold Fresh Fruits» ЖШЖ да 482 гектарлық интенсив бағ шөлкемлестирилген. 300 ден аслам адам мийнет етип атырған жәмийетте черешня, қәрели, шабдал, қурма ҳәм ерик нәллери өсирилмекте. 104 гектар жер черешня нәли егиў ушын таярланбақта.
Кәрхана аймағында 2018-жылдың ақырына шекем тағы 400 гектардан аслам майданда әнжир бағын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул ушын 45 миллион доллар қаржы жумсалады. Бир жылда 10 мың тоннадан аслам өним жетистириў, 30 миллион долларлық экспорт етиў нәерде тутылған. Кәрханада 6,5 гектарда мийўе-овощларды қайта ислеў, сақлаў ҳәм қадақлаў логистика орайын шөлкемлестириў мөлшерленген. Нәтийжеде 300 жаңа жумыс орны жаратылады.
Биринши Президентимиздиң 2015-жыл 29-декабрьдеги 2016-2020-жылларда аўыл хожалығын буннан былай да реформалаў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққындағы қарары бойынша Халық банки бир қатар жойбарларды әмелге асырмақта. Банктиң қаржылай көмегинде Тўрақорған районында шөлкемлестирилетуғын 2 мың бас қарамалға мөлшерленген шарўашылық комплекси ҳәм сүтти қайта ислеў жойбары усылардың қатарына киреди. Жойбар нырқы 11,8 миллиард сумлық бул комплекстиң жер майданы 510 гектар болып, соннан қара маллар ушын азықлық өнимлерин жетистириўге 500 гектар, қурылыс жумыслары ушын 10 гектар жер ажыратылыўы режелестирилген. Комплексте жылына 4 мың 280 тонна сүт, 150 тонна гөш жетистириледи. Жойбарды 2018-жылдың үшинши шерегинде иске түсириў мөлшерленген.
Сол жерде Учқорғон районындағы «Muhammadali hamkor biznes» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде 10 гектарда ыссыхана ҳәм томат пастасын ислеп шығарыў заводы, Наманган қаласындағы «Jahon javohiri invest» ҳәм Пап районындағы «Namangan agro logistic» ЖШЖ ларда аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, қайта ислеў және ыссыхана шөлкемлестириў жойбарлары менен таныстырыў болып өтти.
Жоқары технологиялар тийкарында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, бағшылықты раўажландырыў, әсиресе, черешняның өнимдарлы, ерте писер сортларын егиўди көбейтиў керек, деди Президентимиз.
Шавкат Мирзиёев Пап районындағы «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы Көмир брикетин ислеп шығарыў заводына барды.
Елимизде энергетика саласы избе-из реформаланбақта. Энергия дәреклери диверсификацияланып, халыққа ҳәм шөлкемлерге бир неше түрдеги энергия жеткерип бериў илажлары көрилмекте.
Пап районында бул тараўдағы және бир кәрхана иске түсирилди. Нырқы 7 миллион доллар болған бул жойбардың нәтийжесинде жылына 500 мың тонна көмир брикети ислеп шығарылады. Кәрханада 160 жумыс орны жаратылды.
Президентимиз брикет ислеп шығарыў процесин көзден өткерди. Өнимниң баҳасы, нәтийжелилиги менен қызықсынды. Заводта көмир унтағы заманагөй технология тийкарында қайта исленип, қуўатлылығы жоқары элементлер менен байытылады, ийис ҳәм зыянлы газлерден тазаланады, тасыў ушын қолай етип қадақланады.
Заводтың өнимлерин елимиз аймақларына тарқатыў пунктлерин шөлкемлестириў, брикет ҳәм оны жағыўға сәйкес печьлерди халыққа жеткерип бериў, бул ушын жеңилликли кредитлер ажыратыў кереклиги атап өтилди.
Бул жерде «Өзқурылысматериаллары» акционерлик жәмийети тәрепинен әмелге асырылыў мөлшерленген жойбарлар менен таныстырыў мәресими де өткерилди. Наманган ўәлаятында 2017-2018-жылларда қурылыс материалларын ислеп шығарыўға 200 миллион долларлық инвестиция қаратылмақта.
Буннан мақсет – халықты арзан, сапалы, кең түрдеги қурылыс материаллары менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын ашыў. Бундай материаллар көп ҳәм арзан болса, адамлар турақ жай қурады, жаңа мектеп ҳәм емлеўханалар, кәрханалар, жоллар қурылады. Халқымыздың абаданлығы буннан былай да артады.
Пап районында цемент, шифер, асбест қубырлар, бетон ҳәм ярым синтетикалық майлаў материаллары, Касансай ҳәм Янгиқорған районларында цемент, Наманган қаласында керамикалық плита ҳәм сантехника өнимлери, Пап, Тўрақорған, Уйчи, Янгиқорған районларында пискен гербиш, Чуст районында безеў тасларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарлары менен таныстырыў болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Чуст районында қурылып атырған Өсимликлерди қорғайтуғын химиялық қураллар ислеп шығаратуғын заводтың жумысы менен танысты. «Ифода агро кимё химоя» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өзиниң қаржысы ҳәм «Ҳамкорбанк»тиң кредити есабынан салып атырған бул заводта аўыл хожалығы егинлерин түрли кеселликлерден қорғайтуғын 28 түрдеги химиялық препаратлар ислеп шығарыў нәзерде тутылған. Кәрхананың жойбарлаў баҳасы 6,5 миллион долларды қурайды.
Бул завод иске түсирилгеннен кейин химиялық препаратларды шет елден алып келиўге мүтәжлик болмайды, бундай өним менен елимизди толық тәмийинлеў, ҳәттеки, оны экспорт етиў имканияты пайда болады.
Президентимиз препаратларды таярлаўда илимий-изертлеў институтлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў, өнимлердиң сапасын жақсылаў, экспортты кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Бул жерде Наманган ўәлаяты аймағындағы төмен рентабельли жерлерде ғоза ҳәм писте майданларын жаратыў, пахта ҳәм ғәлле майданларын азайтыўдың есабынан аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў, геўил егиўди шөлкемлестириў, қусшылықты ҳәм ешки бағыўды раўажландырыў жойбарларын таныстырыў да болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы аз зүрәәт беретуғын, зыян көрип ислеп атырған районларда пахта майданларын кескин кемейтиў, оның орнына жоқары дәрамат беретуғын мийўе-овощ, палыз егинлерин егиў лазымлығын атап өтти. Адамларымыз мийнетиниң рәҳәтин көрсин, турмысынан разы болсын.
Елимиздиң айырым аймақларында, соның ишинде, Наманган ўәлаятында өсетуғын геўилдиң жапырағы, мийўеси ҳәм тамырының қабығы медицинада қолланылады. Түрли исиклерди даўалаў, дем қыспа, талақ қатыўы, қуртларды түсириў, полиартрит, буғақ сыяқлы кеселликлерди емлеўде қолланылады. Быйыл ўәлаятта 3 мың гектардан аслам жерде усы өсимликти егиў режелестирилген. Кем қәрежет ҳәм аз мийнет талап ететуғын бул өсимликтен жылына төрт мәрте зүрәәт алыў мүмкин.
Геўил жетистириў бойынша илимий тийкарлар ислеп шығыў, экспорт етиў механизмин жаратыў, ўәлаятта геўил егиўди раўажландырыў бойынша ассоциация шөлкемлестириў ҳаққында жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Чортақ районындағы Султон Увайс Қараний зыярат етиў орнын реконструкциялаў жойбары менен танысты.
Султон Увайс Қараний зыярат етиў орны Наманган ўәлаятындағы теберик орынлардан бири саналады. Зыярат етиў орны мавзолей, мешит, символикалық дәрўаза ҳәм музейден ибарат.
Зыярат етиў орнын әййемги усылда оңлаў, кең ҳәм абат зыярат орнына айландырыў, зыяратшыларға зәрүр шараятларды жаратыў, китапхана шөлкемлестириў бойынша усыныслар берилди.
Өзбекистан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Чортақ районындағы шегара постын барып көрди.
Постта әскерий хызметкерлеримиз ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған.
Президентимиз шегара постында хызмет етип атырған әскерлер менен сәўбетлести.
Мәмлекетимиз басшысы Янгиқорған районындағы «Бўстон» мәкан пуқаралар жыйынында мәҳәлле халқы менен сәўбетлести. Пуқаралар мәҳәлле системасына киргизилип атырған айрықша итибар жәмийетте руўхый орталықты, адамлардың ертеңги күнге исенимин беккемлеўде әҳмийетли тийкар болып атырғанын атап өтти.
Наманган қаласында Президентимиздиң басшылығында жуўапкер басшылар ҳәм ўәлаят белсендилериниң қатнасыўында мәжилис өткерилди. Онда ўәлаяттың экономикасын жаңа басқышқа көтериў, инфраструктураны раўажландырыў, инженерлик-коммуникация тармақларын жақсылаў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бул илажларда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясы және «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасындағы мақсет-ўазыйпалар өз көринисин тапты.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары даўам етпекте.
ӨзА