«Kun.uz» сайты ҳәзирги ўақытта магистратураның 1-басқышында оқып атырған, келеси жылы 2-басқышқа өтетуғын студентлердиң де магистратура пулы қапланыўы ямаса қапланбаўы ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинен мағлыўмат алды.
Министрлик мәлимлеме хызметиниң «Kun.uz»ға мәлим етиўинше, келеси оқыў жылында магистратурада оқып атырған барлық қызлардың контракти мәмлекет тәрепинен қапланады, яғный келеси оқыў жылында 2-басқыш студенти болатуғын ҳаял-қызлардың да оқыўы бийпул болады.
«7-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы президент пәрманында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи белгиленген.
Онда 2022-2023-оқыў жылынан төлемли контракт тийкарында 1-басқышқа қабыл етилетуғын, сондай-ақ, усы оқыў жылында 2-басқышқа өткен магистр ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилиўи нәзерде тутылған», – деп мәлим еткен министрлик «Kun.uz»ға берген мағлыўматында.
Еслетип өтемиз, ҳаял-қызлардың магистратурада оқыў қәрежетлерин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен 23 мың қызға 200 миллиард сум ажыратылыўы белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.