Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы (ҒМДА) бақлаўшылары миссиясы Түркменстанда болып өткен президент сайлаўында ҳеш қандай шағым ямаса нызам бузылыў жағдайлары анықланбағанын мәлим етти.
Бул ҳаққында ҒМДА Атқарыў комитети баслығының биринши орынбасары – Атқарыўшы хаткери, Дослық аўқамнан келген бақлаўшылар миссиясының басшысы Леонид Анфимов Түркменстанда болып өткен президент сайлаўы мониторинги жуўмақларына бағышланған брифингте айтып өткен.
Анфимовтың атап өтиўинше, мәмлекетте сайлаў ҳәм референдум өткериў бойынша орайлық сайлаў комиссияның усынысына муўапық, ҒМДА бақлаўшылары миссиясы 2022-жыл 28-февральдан берли сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесин бақлап бармақта.
– Түркменстанның сайлаў нызамшылығы, Дослық аўқамы шеңберинде қабыл етилген ҳүжжетлер, сондай-ақ, сиясий бийтәреплик, сайлаў процесине араласпаў ҳәм мәмлекет суверенитетин ҳүрмет етиў принциплерине әмел еткен ҳалда өз ўазыйпамызды еркин ҳәм бийғәрез атқардық, – деди миссия басшысы.
Сайлаў кампаниясының жуўмақларына бола, Түркменстан Орайлық сайлаў комиссиясы, Бас прокуратурасы ҳәм Түркменстан Жоқарғы судына сайлаў процеси бойынша мүрәжат ҳәм арзалар келип түспеген. Сайлаў алды үгит-нәсият жумыслары менен байланыслы ҳуқықбузарлық дизимге алынбаған. Миссияның штабына да сайлаў нызамшылығы бузылыўы бойынша шағым ҳәм арзалар келип түспеген.
ҒМДА бақлаўшылар миссиясына сайлаў кампаниясы миллий нызамшылыққа муўапықлығын баҳалаў, еркин ҳәм демократиялық сайлаўларды өткериўге жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылған.
Леонид Анфимов жәмәәт бул ўазыйпаны атқарғанын мәлим етти. Ол сайлаў ашық-айдын ҳәм бәсеки шараятында өткенине гүўалық бергенин де атап өтиў керек.
– Түркменстанның сайлаў нызамшылығы халықаралық ҳуқықтың демократиялық сайлаўлар тараўындағы улыўма тән алынған нормаларына сай келеди ҳәм сайлаўшылар өз тилек-өтинишлерин еркин ҳәм ашық-айдын билдириў имканиятын береди, – делинеди хабарда.
Еслетип өтемиз Түркменстанда гезексиз өткерилген президент сайлаўында даўыс бериў шемби күни болып өтти, даўыс бериў процесслери жуўмақланды, президентликке тоғыз кандидант көрсетилген еди.
Сайлаў кодексине муўапық, сайлаўдан кейин жетинши күннен кешиктирмей олардың нәтийжелерин улыўмаластырады, протокол дүзеди ҳәм нәтийжелерин жәриялайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги