Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-март күни санаат коопреациясы локализациялаўды және де кеңейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысының быйыл 24-январьдағы қарары менен 2022-жылға мөлшерленген өнимлер ислеп шығарыў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў бағдарламасы қабыл етилген еди. Оған муўапық, 2 мың 455 жойбар шеңберинде дерлик 37 триллион сумлық жаңа өнимлер ислеп шығарыў режелестирилген.

Мәжилис алдында бағдарламаның орынланыўы сын көзқарастан талланды. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети, «Ыссылық электр станциялары» акционерлик жәмийетинде бул бойынша қалақлыққа жол қойылғаны көрсетип өтилди. «Электрон кооперация» порталы арқалы дүзилген шәртнамалар айырым аймақларда орынланбаған. Электрон саўдаларда Қарақалпақстан Республикасы, Наманган, Сурхандәрья ҳәм Хорезмдеги  кәрханалардың үлеси 1 процентке де жетпейди. Кооперация жетиспеўшилиги себепли елимизде ислеп шығарыў мүмкин болған айырым товарлардың импорты артқан.

– Ҳәзирги өзгериўшең шараятта экономиканың турақлылығын тәмийинлеўдиң ең нәтийжели жолы бул – ишки имканиятларды иске қосыў, импорт болып атырған айырым өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў ҳәм санаатты және де раўажландырыў. Бул миллий экономикамыздың тийкарғы бағдары болыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте бул бағдардағы әҳмийетли илажлар белгиленди. Ири кәрханалар менен жергиликли ислеп шығарыўшылар арасында коопрецияны өнимлер кесиминде жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мысалы ушын, Наўайы кән-металлургия комбинаты сырт елден алып атырған өнимлер ҳәм оларға техникалық талаплар ҳаққындағы мағлыўматларды «кооперация порталы»на жайластырғаннан соң алдын импорт етилген 600 миллиард сумлық өнимлерди ҳәзир 18 жергиликли кәрхана жеткерип бермекте.

Президент бул тәжирийбени барлық тармақ ҳәм аймақларда жолға қойыў, импорт етилип атырған өнимлерди өзлестириўге исбилерменлерди тартыў бойынша көрсетпелер берди.

Усы мақсетте санаат ярмаркаларын өткериў тәртиби де өзгертиледи. Ол жерде таяр өнимге қарыйдар табыў менен бирге, өзлестириўге усыныс етилип атырған товарлар бойынша бизнес-жобалар да ислеп шығылады. Жойбарға қызыққан исбилерменлер усы жердиң өзинде буйыртпашы менен сатып алыў шәртнамаларын, банклер менен қаржыландырыў мәселесин келисип алады.

Оның ушын «Өзэкспоорай»да турақлы ислейтуғын санаат көргизбеси, ўәлаят орайлары ҳәм санаат зоналарында жергиликли ислеп шығарыўшылардың «шоу-рум»лары шөлкемлестириледи.

Соның менен бирге, жаңа жойбарлардың маркетинг изертлеўлери, өнимди сырт елде сертификатлаў қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап берилетуғыны айтылды.

Мәжилисте дүнья базарында жүз берип атырған өзгерислер ҳәр тәреплеме талланды.

Шийки зат алып келип, бажыхана аймағында қайта ислеп, экспорт ететуғын кәрханаларға апрельден баслап бир қатар жеңилликлер берилиўи белгиленди. Соның ишинде, олардың жойбарлары ушын техникалық-экономикалық тийкар, өним сертификаты, бажыхана төлемлериниң тәмийнаты талап етилмейди, оларға руқсатнама бериў мүддети 3 есеге қысқарады, алып келинген үскенелер ушын бажыхана бажылары өндирилмейди.

Жаңа базарларға кириў ушын санаатқа халықаралық стандартларды кеңнен енгизиў де зәрүр. Мысалы ушын, 2019-2021-жыллары тоқымашылық бағдарындағы 2 мың кәрхана халықаралық сертификат алғаны есабынан олардың экспорты 1,5 есеге артқан.

Қалаберди, жақында «Cotton Campaign» халықаралық коалициясы Өзбекстан пахтасына бойкотты бийкар етти. Бул да үлкен имканият, жаңа базарлар дегени.

«Өзстандарт» агентлигине халықаралық сертификатқа ийе кәрханаларды басқа тармақларда да көбейтиў, аймақлардағы «Жойбарлаў офислери» жанында Халықаралық стандартларды үйретиў орайларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Елимизде шийки заты болған және бир санаат тармағы бул – қурылыс материаллары. Бул бағдардағы геология резервин кеңейтиўге 100 миллиард  сум ажыратылған. Усы жылы 1 миллиард 800 миллион долларлық 420 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Жуўапкерлерге бул жойбарларды өз ўақтында иске қосыў, қурылыс материаллары экспортының көлемин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Фармацевтика тармағында бар қуўатлықларды толық жумсаў ҳәм импорттың орнын толтырыў мәселесине де тоқтап өтилди.

Ҳәммемизге белгили, өндирис кәрханалары илим ҳәм инновациядан ажыралып қалса, жаңа бәсеки шараятына бейимлесиўи қыйын болады. Соның ушын Инновациялық раўажланыў министрлигине аймақлардаға кәрханаларды заман талабына сәйкеслендириў, өнимниң сапасын арттырыўға жәрдемлесиў бойынша ўазыйпалар жүкленди.

Мәжилисте санаат тармақлары ҳәм ири кәрханалардың басшылары, ҳәкимлер шығып сөйледи.

ӨзА