Кеше футбол бойынша Өзбекстан Суперлигасыныӊ 2-турынан орын алған үш ушырасыў болып өтти.
Олардыӊ биринде әмелдеги мәмлекет чемпионы «Пахтакор» Илҳам Мўминжанов басшылығындағы «Нефтчи» футболшыларын Ташкентте қабыл етти.
Ойынныӊ дәслепки минутларында еки команда да теӊбе-теӊ ойын көрсеткен болса, 21-минутқа келип тәрезиниӊ тасы ташкентли футболшылар тәрепке аўды десек алжаспаған боламыз. Буған әлбетте, «Нефтчи» ағзасы Аброр Исмоиловтыӊ Икрам Алибаевқа ислеген қопаллығы нәтийжесинде қызыл карточка алып шығып кетиўи себеп болды, деп айта аламыз.
«Нефтчи» ойыншысыныӊ майданнан шетлетилиўинен соӊ Пахтакор»шылар ойында толық үстинликти қолға алды ҳәм екинши бөлимниӊ 51-минутында Драган Черан «Нефтчи» дәрўазасын анық нышанға алып өз командасына 3 упай алып келди.
Ал, Наўайы ўәлаятыныӊ «Қизилқум» клубы болса Ташкенттиӊ «Бунёдкор» командасы менен ушырасып, 3:1 есабындағы жеӊисти қолға киргизди. Наўайылылар командасы қурамында Шерали Жўраев, Темурхўжа Абдухолиқов ҳәм Александар Станисавлевич өз атына гол жаздырып қойған болса, «Бунёдкор» клубында Дилшод Жўраев есапты қысқартыўға еристи.
Сондай-ақ, бул турда Наманганнныӊ «Навбаҳор» клубы Бекабадта «Сурхон»ға қарсы ойын өткерип, онда 2-1 есабында жеӊисти қолға киргизди. Наманганлылар қурамында 6-минутта Элгужа Григалашвили есапты ашқан болса, 55-минутта Зоран Марушич екинши голды урыўға еристи. Ойын тамамланыўына азғана ўақыт қалғанында «Сурхон» командасынан Мирослав Маркович 11 метрлик жәрийма тобын «Навбаҳор» дәрўазасына анық жоллап, өз есабына гол жаздырып қойды.
Солай етип, «Пахтакор», «Қизилқум», «Навбаҳор» 2-тур жуўмағына бола 3 упайлы болды
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы