9-март күни футбол бойынша Өзбекстан Суперлигасыныӊ 2-тур ушырасыўлары болып өтти.

Қаршы қаласында болып өткен ойында тәжирийбели тренер Рузиқул Бердиев басшылығындағы «Насаф» Бекабадтыӊ «Металлург» командасы футбошылары менен өз-ара күш сынасты.

Ушырасыўдыӊ 80-минутында «Насаф» ҳүжимшиси Хусайн Норчаев Александр Лобановтыӊ  дәрўазасын анық нышанға алып, өз командасын алдынға алып шыққан болса, 89-минутта «Металлург» футболшысы Аброр Тошқўзиев жуўап голын урып ойында есаптыӊ теӊбе-теӊ жуўмақланыўына себепши болды.

Ал, «Қоқанд-1912» клубы болса, Тимур Кападзе басшылық етип атырған суперлига дебьютанты «Олимпик»  командасын өз майданында қабыллады. Ойынныӊ  63-минутта Жавоҳир Сиддиқов тәрепинен «Металлург» дәрўазасына жолланған гол, «Қоқанд-1912» командасына 3 упай алып берди.

Бүгин Суперлиганыӊ  2-турынан орын алған «Пахтакор»- «Нефтчи», «Сурхан»-«Навбаҳор», «Қизилқум»-«Бунёдкор» клублары арасында ойынлар болып өтеди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы