Халықаралық футбол федерациясыныӊ Россия сайланды командасыныӊ халықаралық ойынлардан шетлетилиўи мүнәсибети менен Польша сайланды командасыныӊ 2022-жыл 29-мартта болыўы белгиленген шешиўши ойынға автомат түрде жоллама алғанлығын мәлимледи.

Польшалы футболшылар жәҳән чемпионатына шығыўы ушын Швеция ҳәм Чехия сайланды командалары арасындағы ойынныӊ жеӊимпазы менен өз-ара күш сынасады. ФИФА сондай-ақ, Шотландия ҳәм Украина командаларыныӊ март айында болыўы тийис ушырасыўын июнь айына көширгенлигин туўралы хабарлады.

Еслетип өтемиз, 28-февраль күни ФИФА ҳәм УЕФА Украинадағы жағдай себепли Россия сайланды командалары ҳәм клубларын халықаралық жарысларға қатнасыўдан шетлеткен еди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы