8-март күни футбол бойынша Европа чемпионлар Лигасыныӊ 1/8 финал ойынлары болып өтти.

Онда Мюнхенниӊ «Бавария» клубы Австрияныӊ «Зальцбург» футболшылары менен өз-ара ушырасқан болса, кубокке тийкарғы даўагерлердиӊ бири «Ливерпул»  Италияныӊ «Интер» клубы менен өз-ара күш сынасты.

Дәслепки ушырасыўда «Бавария» футболшылары «Зальцбург»тен өзлериниӊ оғада күшли екенлигин және бир мәрте дәлийлледи. Атап айтқанда, ойынныӊ 12,21 ҳәм 23-минутларында польшалы ҳүжимши Роберт Левандовский хет-трикти рәсмийлестирген болса, 31-минутта Серж Гнабри есапты 4-0 ге жеткерди.

Ал,  54-83- минутларда Томас Мюллер дубльге ерискен болса, 70-минутта Кьергор жуўап тобын «Бавария» дәрўазасына жоллады. 85-минутта Лерой Сане бул ушырасыўдағы ақырғы голды урып, мюнхен клубыныӊ 7-1 есабындағы жеӊисин тәмийинледи ҳәм өз командасы менен шерек финал жолламасын қолға киргизди.

Екинши ушырасыўда болса, Италия чемпионы «Интер» «Ливерпул»ға сапар етип онда киши есаптағы жеӊиске еристи.

Ойынныӊ дәслепки бөлиминиӊ биринши ярымында «Интер» футболшылары үстинликке ерискен болса, екинши ярымында «Ливерпул» футболшылары қәўипли жағдайлар жаратыўға миясар болды. Биринши бөлимниӊ ақырғы секундларында «Интер» ҳүжимшиси Алексис Санчес Тьяго Алькантраға қопал ҳәрекет ислегени ушын ойын төрешиси тәрепинен сары карточка менен жазаланды.

Екинши таймда болса, командалар күшли ойын көрсетти ҳәм Муҳаммад Салаҳ «Интер» дәрўазасына гол урыўға сәл қалды. Ал, 61-минутта «Интер» футболшысы Лаутаро Мартинес жәрийма майданы сыртынан «Ливерпул» дәрўазасына анық соққы жоллап, италиялы жанкүйерлерге үмит ушқынларын оятты. Бирақ, 63-минутта Алексис Санчес Фабиньоға қопаллық ислеп, және бир мәрте ушырасыў төрешиси тәрепинен сары карточка менен жазаланып, ойыннан шетлетилди.

Ойынныӊ қалған минутларында «Ливерпул» толық үстинликке еристи. Лекин, ушырасыўда есап өзгермеди ҳәм англиялы футболшылар шерек финалға жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы