Усы жылдың 22-23 сентябрь күнлери Қарақалпақстан хабар агентлигиниң басламасы менен «Нөкис винозаводы» АЖ қәўендерлигинде бир топар ғалаба хабар қураллары ҳәм дөретиўши хызметкерлер, археолог илимпазлар уллы ҳәм бийпаян Үстирт платосы менен Арал теңизи акваториясы бойлап нәўбеттеги медиатурды шөлкемлестирди.

Медиатурды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – Үстиртте сақланып қалған бирқатар сийрек ушырасатуғын ҳәм кем изертленген археологиялық естеликлерди және Арал акваториясында, платода гезлесетуғын әжайып орынларды сүўретке алыў, оларды кең аудитория нәзерине усыныў, соның менен бирге усы әжайып аймаққа абырайлы халықаралық медиашөлкемлердиң, қәнигелердиң дыққатын тартыў ҳәм аймақта экотуризмди раўажландырыўға үлес қосыў.

Медиатур қатнасыўшыларының дәслепки сапары Үстирт ҳәм оның чинклери (чинк – түркше сөз болып, тик жар мәнисин аңлатады) менен каньонларын (каньон – суў жуўып пайда болған яки жасалма сай) сүўретке алыўдан басланды.

 

Үстирт – тарийхый қорықхана ҳәм көшпелилер үлкеси

Үстирт платосына шыққан ҳәр бир адам соны бирден аңлайды: ол – уллы, бийпаян, суслы, тилсим ҳәм өз алдына қызық өзгеше бир дүнья.

Медиатур қатнасыўшылары да Үстирт үлкесине биринши қәдем қойғанда уллы даланың усы қасийетин дәрҳал аңлады.

Үстирт узақ әсирлер даўамында скифлер, сарматлар ҳәм монғоллардың, ҳәтте олардан да әййемги халықлардың цивилизациялары түйискен мәканы саналады. Неше әсирлер бойы ушы-қыйырсыз кеңисликтен уллы көшлер өткен. Үстирттеги ески кәрўан жоллары Шығыс пенен Батысты тутастырыўшы транзит хызметин атқарған. Платодан өткен кәрўанлар Хорезмнен Төменги Волгабойы ҳәм Қубла-батыс Европа мәмлекетлерине ҳәм ол жақлардан товарлар тасыған. Сол арқалы мәдений, саўда-экономикалық байланыслар раўажланған.

Платоның дерлик барлық жеринде әййемги маҳбара ҳәм қәбиристанларды ушыратыўға болады. Әсиресе Үстирт чинклерин жағалай жүрген жолаўшы ҳәр бир адымда төбешикке қойылған көшпелилер қәбиристанларына дус келеди. Оларда марҳумларға қойылған қулпытаслар, тасқа ойылған тамғалар елеге шекем жақсы сақланған.

Маҳбара

Қулпытас

Тасқа ойылған тамға

Бул үлкени тарийхый қорықхана деп те айтыўға болады.
Үстирттиң ең итибарлы орынлары – оның археологиялық естеликлери. Үстирт үстинде ҳәзирги күнде де Пулжай, Белеўли, Алан ҳәм т.б. сыяқлы әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли кәрўан сарайлары, қала-қорғанларлар сақланып қалған.  Адамзаттың аяғы жетиўи бираз мүшкил болғанлықтан бул естеликлердиң көпшилиги еле жетерлише изертленбеген.

 

Үстирт каньонлары – туристлер мәканы

Арал теңизиниң ҳәзирги жағалары әжайыбатқа толы. Аралдың бурынғы бөлеги болған Судочье көли, ески балықшылар аўылы болған Үрге тумсығы, Қабанбай тик жарлығы, Ақтумсық, Дуўана тумсығы сыяқлы гөззал тәбиятқа, сулыў ландшафтқа ийе орынлар, Арал теңизиниң жоқарыдан қарағандағы панорамасы кимди болса да сыйқырлап таслайды. Қарақалпақстанда шет елли туристлердиң ҳәм жергиликли саяхатшылардың дыққатын тартып киятырған сондай орынлардың бири – Үстирт каньонлары.

«О-о-о, қандай әжайып тәбият!», «Мәссаған!», «Не деген гөззаллық!»…

Үстирт каньонларын биринши мәрте тамашалаўға келген саяхатшы таңланғанынан усылай қыйқыў салыўы тәбийий.

Платоның айрылыўынан ортада пайда болған терең тик жарлы сай көрген адамды ҳақыйқатында да ләрзеге салады.

– Қарақалпақстанда усындай жер барын биринши мәрте көриўим, дейди таңланысын жасыра алмаған шайыр Бахтияр Генжемуратов. Бундай гөззал көриниске ийе жерлерди, әлбетте, көбирек үгит-нәсият етиўимиз керек, туристлерди тартыў керек. Бул каньонлардың Колорадо штатындағы каньонлардан кем жери жоқ. Биз де бул жерлерге мыңлап туристлердиң нәзерин тартыўмыз тийис.

 

Арал теңизи жағасында алма тереги өсе ме?

Туристлерге транспортлық хызмет көрсетиўши хызметкерлердиң билдириўинше, Үстирттен қуйылған жамғырлар каньондағы сайларда бирнеше жаңа өсимликлердиң жетисип шығыўына шараят жаратқан.

– Жақында Ақтумсықтың аржағында, платоның жағасында ҳәм Арал теңизге түсер етегинде алма тереклери өсип турғанын көрдим, жеп те көрдим. Қәдимги алма, дейди Виктор исмли автотранспорт жүргизиўшиси.

Медиатур қатнасыўшылары да Үстирт каньонларындағы терең сайда тереклердиң өсип турғанлығын көриўге мияссар болды. Соның менен бирге, Ақтумсық қуламасына жақын жердеги XII-XIII әсирлерге тийисли Дәўлетгерей қалашасы алдындағы ески атызлықта қамыслардың, жоңышқалардың, сондай-ақ Дуўана тумсығындағы бетонлы жол менен түсе беристе укроплардың өсип турғаны саяхатшыларда оғада үлкен қызығыўшылық оятты.

укроп

Цивилизациядан узақ-узақ үлкелерде бундай жаңалықларға дус келиў кимди болса да таң қалдырады. Транспорт жүргизиўшилериниң айтыўынша, Үстирт каньонларында тастан-тасқа секирип жүрген арқарларды да гезлестириў мүмкин екен.

Бул жақларға алма тереги қалай келип қалған, жоңышқа, қамыс, укроплар қалайынша өскен? Бул жаңалықлар илимпазлар ушын да, кең жәмийетшилик ушын да оғада қызық, әлбетте.

 

Үстирттеги сырлы сүўретлер

Саяхатшылар ҳәр бир адымда Үстирттиң таң қаларлық әжайып тәбийий ландшафтларына, көшпели қәўимлердиң тарийхый излерине ушырасып турды. Дуўана тумсығындағы жебе тәризли объектлерде сүўретке алыў жумыслары болса саяхаттың тийкарғы мақсети еди. Дуўана тумсығы Нөкиске дерлик 500 км жерде жайласқан.

Үстирттеги жебе тәризли объектлер биринши мәрте 1980-жыллары аэрофотосъемкаларды анализлеў ҳәм дешифровкалаў пайтында анықланған. Бундай сийрек гезлесетуғын табылма алдын ҳеш бир археологиялық әмелиятта ушыраспаған. Ең дәслеп Үстирттеги жебе тәризли бул белгилерди қәнигелер, журналистлер ҳәм басқа да изертлеўшилер басқа планеталықлар тәрепинен қурылған деген болжамларды айтқан.

Бул белги жай көзге яки автомобильде өтип баратырған жолаўшыға байқалмайды. Себеби жүдә үлкен көлемдеги объектти адам бойындағы бәлентликтен көриўдиң имканы жоқ, сиз аяқ астыңызда тарийхы мыңлаған жылларға барып тақалатуғын әжайып естелик жатқанлығын билмей жүз мәрте өтип кетиўиңиз мүмкин.

Дөретиўши хызметкерлер бул сийрек ушырасатуғын естеликти заманагөй дрон үскенеси менен сүўретке алыўға мияссар болды.

Мағлыўмат ретинде айтып кетиў орынлы, Үстирттеги жебе тәризли белгилер саны бирнеше болып, олар Үстирт бойлап Түркменистан ҳәм Қазақстанға шекем жайылып кеткен.

Үстирттеги жебе тәризли белгилердиң айырымлары 2500 жыллық тарийхқа ийе.  Қарақалпақстанлық марҳум археолог В.Н.Ягодин биринши мәрте усы археологиялық табылма үстинде илимий-изертлеў жумысларын алып барды ҳәм дәбдебели жаңалықты ашты: Узынлығы 600-900 м.,  ени 400-600 м., тереңлиги 3 метрге шекем қазылған бул қурылма жабайы туяқлы ҳайўанларды, яғный қулан, жәйран, сайғақларды аўлаў ушын көшпели халықлардың ойлап тапқан усылы –  «аран» деп аталған. «Аран» ески түркий сөз болып, аў ушын қурылған дузақ мәнисин аңлатады. Аран сөзин Бердақтың «Шежире» шығармасындағы «Шөллерде гезер жейраны, Жейранға қурған араны» деген қосық қатарынан да көриўимиз мүмкин.

Аран

Уллы саҳра қаҳарманлары

Бийпаян Үстирт даласында адам ушыратыў сийрек процесс. Жол бойы түлки, қарсақ, қоян, үки, бүркит, булдырық, кекилик ҳәм т.б. аң-қусларды жийи-жийи ушыратыў мүмкин, лекин узақ жол басқаннан кейин адам көрсең төбең көкке жеткендей болады.

Медиасаяхатшылар Нөкистен дерлик 400-450 км узақлықта кең дала төсинде шопанларды ушыратып, дәўир қаҳарманларын көргендей болды.

Шопан үйи

Ҳақыйқатында да, тәбияттың қатал қойнында қыйыншылықларға қайыспай мийнет етип атырған заманласларымызды қаҳарман деп айтыўға толық тийкар бар. Қус ушса қанат күйетуғын ыссылықта, қыста қақаман қара суўықта тәбият пенен тил табысып ислесип атырған бул инсанларға мың тәжим еткиң келеди.

***

2 күнлик саяхат медиатур қатнасыўшыларында үлкен тәсирлер қалдырды.

Үстирттен ҳәм Арал тенизинен қайтқан адам бул аймаққа қайтадан айланып келиўин, тойып-тойып саяхат етиўин ойлап қайтатуғыны тәбийий жағдай. Медиатур қатнасыўшылары да Уллы Үстирт саҳрасы ҳәм Арал теңизи айдынлары менен қыймай хошласып, Нөкиске қайтты.

«Арал, биз Нөкиске қайттық, биз әлбетте сени көриў ушын қайтамыз ҳәм Сен де алдынғы жағаларыңа қайт!» деп гөззал теңизге көз жаслары менен қыймай қарап турған шайырдың жүрек дәртлери барлық дөретиўшилик хызметкерлерди терең қыял теңизине ғарқ етип атырған еди.

Төменде медиатур даўамында алынған әжайып фотосессиялар менен танысыўыңыз мүмкин

1-фотосессия: Алыстағы Арал айдынлары

Теңизге түсер бетон жол

Теңиз суўы қәддин өлшеўши әсбап

2-фотосессия: Бийтәкирар Үстирт каньонлары

3-фотосессия: Судочье сулыўлығы

4-фотосессия: Медиатур қалай өтти?

Теңиз бойында түслик

Аралдың бойында укроп өсип турғанын көрдик

 

Қанаатов Есимқан

Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры

Арыслан Канназаров (фото)