Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде жуқпалы болмаған кеселликлер және олардың қәўипли факторларының алдын алыў, емлеў ҳәм қадағалаў, халықтың ерте өлимшилик ҳәм кеселлениўин азайтыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, халықтың саламатлығын қорғаў бағдарында профилактикалық илажларды нәтийжели муўапықластырыў системасының жоқ екенлиги пуқаралардың физикалық белсенделиги дәрежесин қоллап-қуўатлаў ҳәм саламат турмыс тәризин жүргизиўде келисилген илажларды көриў имканиятын бермей атыр.

Халықтың медициналық ҳәм санитар-гигиеналық мәденияты дәрежесиниң төменлигинше қалып атырғанлығы нәтийжесинде тийкарғы итибар профилактикаға емес, кеселликлер менен гүресиўге қаратылмақта.

Жуқпалы болмаған кеселликлердиң профилактикасы, халықтың саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыўды шөлкемлестириў және басқарыў механизмлерин жетилистириў мақсетинде және Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы ПП-5590-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер:

2019-2022-жыллары жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы, халықтың турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў Концепция  (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;

2019-2022-жылларда жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў илажларының Бағдарламасы (кейинги орынларда – илажлар Бағдарламасы) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилер мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер басшыларының жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлеринен бири етип белгиленсин – хызметкерлер жәмәәтиниң саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў, олардың физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў мақсетинде барлық зәрүр шараятларды жаратыў, бул ўазыйпаларға ерисиўге қаратылған илажларды турақлы түрде шөлкемлестирип барыў.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының:

Ташкент медицина академиясы жанындағы Республикалық диетология оқыў-илимий орайы тийкарында мәмлекетлик мәкеме түринде Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайын (кейинги орынларда – Орай);

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ўәлаятлар денсаўлықты сақлаў басқармалары ҳәм Ташкент қаласы денсаўлықты сақлаў бас басқармасы жанында юридикалық шахсты шөлкемлестирмеген ҳалда Орайдың аймақлық бөлимлерин;

районлық (қалалық) медицина бирлеспелери жанындағы «Саламатлық» орайлары тийкарында юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда Орайдың районлық ҳәм қалалық бөлимлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

  1. Төмендегилер Орай жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жуқпалы болмаған кеселликлер ҳәм олардың қәўипли факторларына қарсы гүресиў және алдын алыў бойынша мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиў, халықтың медициналық мәдениятын раўажландырыў, денетәрбия – саламатластырыў ҳәм ғалабалық спорт ҳәрекетин медицина профилактикасы менен интеграцияласыў бойынша ғалабалық илажларды өткериў;

саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жуқпалы болмаған кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў мәселелери бойынша халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў;

халықтың саламатлығы жағдайын мониторинг етиўдиң бирден-бир системасын жаратыў, заманагөй мәлимлеме ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў менен бирге өмирди узайтыў ҳәм саламатлықты беккемлеўге байланыслы анық илажларды ислеп шығыў ҳәм усынысларды енгизиўде көмеклесиў;

улыўма тән алынған халықаралық методлар тийкарында турақлы популяция тексериўлери ҳәм жуқпалы болмаған кеселликлердиң қәўипли факторлары бойынша сораўлар өткериў;

надурыс аўқатланыў менен байланыслы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм тарқалыўы дәрежесин азайтыў, кең көлемде түсиник жумысларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың саламат турмыс тәризиниң гиреўи сыпатында дурыс аўқатланыў үгит-нәсиятланыўын күшейтиў;

сапаның заманагөй стандартларына муўапық азық-аўқат өнимлериниң тийкарғы түрлерин елимизде ислеп шығарыўды кеңейтиўге қаратылған илимий-әмелий изертлеўлерди өткериў;

билимлендириў мәкемелери менен биргеликте жуқпалы болмаған кеселликлердиң алдын алыў ҳәм халықтың саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мәселелери бойынша кадрларды таярлаў, қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм үзликсиз кәсиплик раўажланыўы бойынша илажларды шөлкемлестириў ҳәм оларда қатнасыў.

  1. Орай Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасына киретуғыны ҳәм оған есап беретуғыны;

Орай, оның аймақлық бөлимлери ҳәм районлық (қалалық) бөлимлери (кейинги орынларда – аймақлық бөлимлер) Ташкент медицина академиясы жанындағы республикалық диетология оқыў-илимий орайы ҳәм районлық (қалалық)  медицина бирлеспелери жанындағы «Саламатлық» орайларының улыўмалық штат бирликлери ҳәм мийнет ҳақы қорының шеңберинде шөлкемлестирилетуғыны;

Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, халықаралық финанс шөлкемлери менен институтларының грантлары ҳәм кредитлери, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

районлық (қалалық) медицина бирлеспелери жанындағы «Саламатлық» орайларының штат бирликлерин оптималластырыў есабынан босаған қаржылар Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеўге бағдарланатуғыны ҳәм ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўде усы мақсетлер нәзерде тутылатуғыны;

Орай халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў тараўында Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы, басқа мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жәмийетлик ҳәм басқа шөлкемлер менен бирге ислесетуғыны;

Орай оған жүкленген ўазыйпалар шеңберинде министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерден зәрүр статистикалық ҳәм аналитикалық мағлыўматларды сораў және бийпул алыў ҳуқықына ийе екенлиги;

Орайды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басқаратуғыны;

Орай директоры мийнетке ҳақы төлеў шараятлары бойынша Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас басқарма баслығына теңлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң шекленген улыўма саны 838 етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң режелери менен структураларын тастыйықласын, онда Орай директорына, зәрүр болғанда тастыйықланған структураларға хызметкерлердиң шекленген улыўма саны ҳәм мийнет ҳақы қорының шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жылдың 1-декабрине шекем кең топарда өткерилетуғын жәмийетшилик додалаўлары нәтийжесинде ҳәм темеки өнимлериниң пайдаланыўын шеклеў бойынша, сондай-ақ, төмендегилерди өз жумысына алатуғын қосымша илажларды қабыл етсин.

Алкаголь өними ыдысының маркасында және темеки өниминиң қутысында (орамында) медициналық ескертиўлерди жайластырыў ушын тийкарғы майдан өлшемин кеңейтиў;

темеки өними қутысында (орамында) текстли жазыў ҳәм сүўрет түриндеги медициналық ескертиўлерди жайластырыў;

алкоголь ҳәм темеки өнимлери саўдасының қағыйдаларына  әмел етилиў үстинен қадағалап барыўшы уйымларды және қадағалаўды алып барыўдың механизмлерин анықлаў ушын;

жәмийетлик орынлар ҳәм транспорттың белгиленбеген орынларында алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң пайдаланыўы ушын жуўапкершиликти күшейтиў;

жәмийетлик орынларда ҳәм транспорттың белгиленбеген орынларында алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң пайдаланылыўын шеклеў мақсетинде ўәкилликли шахслар тәрепинен (кәрхана, шөлкем, мәкемелердиң администрациялары, соның ишинде, жәмәәт орынларда жайласқан қурылма, имарат, басқа объектлер және транспорт қуралларының ийелери) илажлар көрилмегени ушын жуўапкершиликти белгилеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

а) республиканың барлық дәслепки медициналық-санитариялық жәрдеми мәкемелериниң әмелиятына:

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң артериал гипертония, қантлы диабет, бронхиал астма ҳәм өкпениң даўамлы обструктив кеселлиги ҳәм басқа да жуқпалы болмаған кеселликлер бойынша клиникалық протоколлар, стандартлар және усыныслардың талапларын;

қоллап-қуўатлаўшы кураторлық системасы арқалы медициналық хызметлердиң үзликсиз баҳалаў ҳәм сапасын арттырыў механизмлерин;

ҳәр бир наўқас ушын жуқпалы болмаған кеселликлер ҳәм қәўипли факторлар бойынша саламатлық профиллерин жаратыўды нәзерде тутқан программалық тәмийнатын енгизсин;

б) азық-аўқат өнимлериниң қарамында майлар, дуз ҳәм қант муғдары жоқары болған өнимлер категориясына киргизиў өлшемлери менен тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

в) қурамында майлар, дуз ҳәм қант муғдары жоқары болған азық-аўқат өнимлерин алып кириў, ислеп шығарыў (таярлаў), сатыў ҳәм пайдаланыўын шеклеў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы министрлигиниң 2019/2020 оқыў жылынан баслап, Ташкент медицина академиясы магистратурасының жаңа «Нутрициология» бағдарын ашыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде:

жумыс күни даўамында ислеп шығарыў гимнастикасының шығыўлары;

ҳәптесине кеминде бир мәрте хызметкерлердиң физикалық тәрбия-ғалабалық илажларда (жуўырыў, жүзиў, футбол, волейбол, баскетбол, теннис ҳәм басқаларда)  қатнасыўын нәзерде тутатуғын «Саламатлық күни»;

Турақлы түрде хызметкерлер арасында ғалабаласқан спорт түрлери бойынша спорт жарыслары ҳәм басқа да физикалық тәрбия – ғалабалық илажлар өткерип барылыўы әмелиятқа енгизилсин.

  1. Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер технология, өндирис ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге ислеп шығарыў гимнастикасы шынығыўларын орынлаў ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислерди белгилесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги:

а) мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

ислеп шығарыў гимнастикасын үлгили шынығыўлар комплексин;

транспортта қатнаў қолайлылығы ҳәм аралықты есапқа алған ҳалда кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер хызметкерлерине шуғылланыў ушын усыныс етилетуғын спорт имаратларының дизимин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

б) Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-апрелине шекем районлар (қалалар) бойынша зоналарға бөлип ҳәм жумыс процесиниң билдириўлери, шынығыўлардың баҳасы, жумыс ўақты ҳәм басқа да мағлыўматларды келтирип өткен ҳалда, спорт имаратларының бирден-бир базасын жаратсын және Интернет тармағына жайластырылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери жәмәәтине саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық жумысы дәрежесин арттырыў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў, сол қатары, спорт объектлерине шуғылланыў (қурыў, үскенелеў) бойынша илажларды қаржыландырыўға байланыслы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа объектлер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минисрлигиниң халықтың кең қатламлары арасында төмендегилерди өз ишине аалған «Алпамыс» ҳәм «Барчиной» арнаўлы тестлерди өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

халықтың улыўма физикалық таярлық дәрежесине спорт нормативлерин ҳәм мәмлекетлик талапларын белгилеў;

халықтың түрли жастағы топарлары арасында спорт жарысларын өткериў;

жоқары көрсеткишлерге ерискен пуқараларды «Алпамыс» ҳәм «Барчиной» I, II ҳәм  III  дәрежели көкирек белгилери менен сыйлықлаўды енгизиў.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте «Алпамыс» ҳәм «Барчиной» арнаўлы тестлерди өткериўди шөлкемлестириў ҳаққында ҳүкимет қарары қабыл етилсин.

  1. Төмендегилер:

Орайдың мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери менен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў, сол қатары, жуқпалы болмаған кеселликлердиң алдын алыў, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық жумыс дәрежесин арттырыў бойынша сапалы илажларды әмелге асырыў бойынша тәсиршең қадағалаў орнатыў – Өзбекстан Республикасы Бас ўәзириниң орынбасры А.А.Абдуҳакимов;

Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлери жумысын талап дәрежесине шөлкемлестириў, жәмийетлик денсаўлықты сақлаўды тәмийинлеў, халықты саламат турмыс тәризине шақырыў бойынша илажлар көриў, пуқараларда өзиниң ҳәм әтираптағылардың саламатлығы ушын жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў – Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шодмонов;

халық, әсиресе, жаслар арасында физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўды ғалабаластырыў бойынша илажларды жетилистириў және халықтың кең қатламлары ушын спорт имаратлары ҳәм инвентарынан пайдаланыў имкааниятын тәмийинлеў – Өзбекстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министри Д.Х.Набиев;

билимлендириў мәкемелери оқыў бағдарламаларына оқыўшыларды саламат турмыс тәризин алып барыў ҳәм физикалық жумыс дәрежесин арттырыўды тәмийинлеў илажларын киргизиў, билимлендириў мәкемелери аймағында оқыўшылардың саламатлығына зыян жеткеретуғын азық-аўқат өнимлериниң сатылыўына жол қоймаў – Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри А.В.Шин, халық билимлендириў министри Ш.Х.Шерматов, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Мажидов;

Концепция ҳәм илажлар Бағдарламада белгиленген илажларды сапалы, өз ўақтында ҳәм толық орынлаў бойынша жеке жуўапкершилик – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына жүкленсин.

  1. Орай Ташкент қаласы Алмазар районы, Фарабий көшеси 2-жай мәнзили бойынша жайластырылсын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстаан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикаасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 18-декабрь