Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билим алыў тилегиндеги жаслардың билим алыўы ушын кең имканиятлар бериў, төлемли-контракт тийкарында оқып атырған ҳәр бир студентке билим алыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, жаслардың илимге болған умтылысларын буннан былай да хошаметлеў ҳәм жасларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. 2021-2022-оқыў жылынан баслап республикадағы барлық жоқары билимлендириў шөлкемлери бакалавриатының күндизги билимлендириў түринде және магистратура басқышында төлемли-контракт тийкарында билим алыў ушын тәлим кредити ажыратыўдың жаңа системасы жолға қойылсын.

Коммерциялық банклер Қаржы министрлиги тәрепинен жайластырылатуғын ресурслар есабынан тәлим кредитлерин Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында ажырататуғыны;

тәлим кредитиниң тийкарғы бөлеги студенттиң рәсмий оқыў мүддетти тамамланғаннан соң жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылатуғыны;

тәлим кредитин рәсмийлестириўде ҳәм оның қайтарылыўында студенттиң турақлы дәрамат орайына ийе болған шаңарақ ағзалары биргеликте қарыз алыўшы сыпатында қатнасыўға рухсат етилетуғыны;

«Социаллық қорғаўдың бирден –бир реестри»не кирген шаңарақлар перзентлеринен тәлим кредити ушын гиреў ҳәм кепилликлер талап етилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Тәлим кредитлери бойынша коммерциялық банклерди финанслық ресурлар менен тәмийинлеў ушын Қаржы министрлиги жанында Тәлим кредитин қаржыландырыў қоры (кейинги орынларда-Қор) шөлкемлестирилсин.

Қорға Мәмлекетлик бюджеттен 2021-жылы кеминде 1  триллион сум, кейинги жылларда ҳақыйқый талаптан келип шығып қаржылар ажыратылсын.

Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар;

Қор тәрепинен алдын ажыратылған ресурслардың қайтыўынан түсетуғын қаржылар ҳәм олардан алынатуғын процент төлемлери;

Қордың ўақтынша бос қаржыларын коммерциялық банклерге жайластырыў есабынан процентли түсимлер;

Халықаралық финанс институтларының жеңилликли кредитлери, қәўендерлик, грант қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Қор юридикалық тәреп статусына ийе болмаған ҳалда Қаржы министрлигинде өз алдына ашылатуғын жеке ғазна есап-бети түринде шөлкемлестирилетуғыны;

Қордың жумысы Қаржы министрлиги Орайлық аппаратына ажыратылатуғын 3 штат бирлигинен ибарат бөлим тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Қордың қаржылары есабынан коммерциялық банклердиң сораўларына тийкарланып оларға Орайлық банктиң ставкасында тәлим кредит ажыратыўы ушын усы ставкадан 4 процент бәнтке төмен болған ставкада ресурслар ажыратылатуғыны;

Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы төменлеген жағдайда, ресурс қаржылары ҳәм тәлим кредити бойынша процент ставкасы бурынғысынан басқаша тәризде азайтылатуғыны, арттырылған жағдайда болса өзгеризсиз қалатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Қаржы Министрлиги жанында Тәлим кредитин қаржыландырыў қоры есабынан жоқары билимлендириў шөлкемлеринде төлемли-контракт тийкарында оқыў ушын тәлим кредитлерин ажыратыў ҳаққындағы режени тастыйықласын:

тәлим кредитлери бойынша жүзеге келетуғын кредит тәўекелшилигин Қаржы министрлиги ҳәм коммерциялық банклер арасында бөлистириў және Қордан ажыратылған қаржылардың бир бөлегин коммерциялық банклер тәрепинен гиреў депозити сыпатында қабыл етиў;

республикадағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери, жеке меншик ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери  және олардың филиалларының студентлерине контракт төлемлери ушын кредит ажыратыў;

Қор тәрепинен тәлим кредитлери ушын қаржылар ажыратыўда коммерциялық банклерге қойылатуғын муўапықлылық нормаларын орнатыў.

  1. 5. Қаржы министрлиги Қорға 2021-жылы қаржылардың Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының қаржылары, бюджетти қоллап-қуўатлаў ушын тартылатуғын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметиниң финанс шөлкемлериниң кредитлери, суверен халықаралық облигацияларды шығарыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан ажыратылыўын, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
  2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқуловқа ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 30-июль