Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Кейинги жылларда мәмлекетимизде аймақларды комплексли раўажландырыў, орынларда жүзеге келетуғын машқалаларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели шеше алатуғын жергиликли атқарыўшы ҳәкимият структурасын жетилистириўге қаратылған мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жақсылаў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, республика аймақларындағы жумыслардың  реал жағдайын үйрениўдиң нәтийжеси оларды комплексли ҳәм жедел раўажландырыўға тосқынлық ететуғын системалы кемшиликлер бар екенинен дәрек бермекте.

Социаллық-экономикалық ҳәм институционал реформаларды  әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың ҳәм басқарыўдың жаңа моделин ислеп шығыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Административлик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) ҳәм Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлигиниң 2019-жыл 1–марттан баслап Жиззақ ўәлаятында төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Илғор ҳудуд» сынаў жойбарын (кейинги орынларда – сынаў жойбары) әмелге асырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм басқарыў тараўын таллаў ҳәм баҳалаў;

аймақты жедел раўажландырыў ушын алдыңғы шешимлерди анықлаў, сондай-ақ, республика ҳәм аймақлық атқарыў ҳәкимияты уйымларының жуўапкершилик тараўын анықластырыў;

аймақтың стратегиялық мақсетлери, сондай-ақ, аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары ушын мақсетли көрсеткишлерди қәлиплестириў механизмлерин ислеп шығыў;

аймақ халқының жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм дәраматларын арттырыў;

структуралық реформалар жәрдеминде инвестициялық орталықты жақсылаў;

«Бир аўыл – бир өним» принципи бойынша талап жоқары болған товарларды ислеп шығарыў ушын шараятларды жеделлик пенен жаратыў;

экономикалық жумысты хошаметлеў ҳәм санааттың жаңа тармақларын раўажландырыў, Жиззақ ўәлаятында ислеп шығарылатуғын өним ҳәм хызметлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын шараятларды жаратыў.

  1. Агентлик сынаў жойбарын системалы ҳәм нәтийжели таярлаў және әмелге асырыў ушын жуўапкер уйым есапланатуғыны;

Агентликтиң сынаў жойбарын әмелге асырыў шеңберинде қабыл еткен қарары, басқарыў өзгешелигиндеги тапсырмалардан тысқары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тәризине қарамастан, хожалық субъектлери тәрепинен орынланыўы мәжбүрий есапланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети министрликлер, уйымлар ҳәм Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлигиниң Агентлик пенен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлейтуғыны және сынаў жойбарын әмелге асырыў бойынша Агентликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесетуғыны;

Агентликке Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша илажларды әмелге асырыў шеңберинде халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкиметиниң финанс шөлкемлери ҳәм басқа да сырт ел шөлкемлери менен өз-ара тиккелей бирге ислесиў ўәкиллиги берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик 2019-жыл 1-мартқа шекем:

а) Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «ЎзИнжиниринг» республикалық жойбарлаў институты, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте сырт елли мәсләҳәтшилерди ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда Жиззақ ўәлаяты аймағын режелестириў схемасының эскизин ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиўди тәмийинлесин;

б) Қурылыс министрлиги, Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте Жиззақ ўәлаятының районлары ҳәм елатлы пунктлериниң бас жобасын режелестириў схемалары, сондай-ақ, тийисли архитектуралық-жобаластырыў илажларының муўапықлығын қадағалаў мақсетинде қәнигелестирилген Архитектуралық-жобаластырыў эксперт кеңесин шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;

в) Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Жиззақ ўәлаятын раўажландырыў концепциясының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин:

мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм басқарыў тараўын таллаў ҳәм баҳалаў, илажларды әмелге асырыў ҳәм административлик тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаў механизмин енгизиў;

структуралық реформалар, соның ишинде, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, туризм ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыў тараўындағы структуралық реформалар бойынша усыныслар бериў;

инновациялық жойбарлар, соның ишинде, цифрлы экономика, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, талантлы балалар ҳәм жаслардың имканиятларын, транзит жоллардағы инфраструктураны раўажландырыў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар бериў;

урбанизация ҳәм комплексли турақ жайлардың қурылыс процесслерин тәртипке салыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;

туризм тармағын, соның ишинде, Зомин районында туризм кластерлерин шөлкемлестириў арқалы раўажландырыў имканиятын жаратыў;

суў, газ ҳәм электр тәмийнаты, канализация тармақлары, жол инфраструктурасы, Интернет тармақлары, ирригация ҳәм мелиорация системалары тараўында талап етилетуғын жумыслардың әҳмийетлилиги бойынша инфраструктуралық жағдайды баҳалаў ҳәм буннан былай да раўажландырыў.

  1. Агентлик еки ҳәпте мүддетте «Илғор ҳудуд» сынаў жойбарын әмелге асырыў бойынша эксперт-таллаў кеңесин дүзсин, сондай-ақ, оның режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Агентлик Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте сынаў жойбарын әмелге асырыў тәртибин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Д.Р.Лиге ҳәм Жиззақ ўәлаяты ҳәкими Э.А.Салиевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 3-январь