Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды тәрбиялаўдың түп-тийкарынан жаңаланған системасын енгизиў, олардың бәркамал әўлад сыпатында қәлиплесиўи ҳәм социаллық бейимлесиўин тәмийинлеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған болаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша кең жәмийетшилик пенен өткерилген додалаў нәтийжелериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Министрлер Кабинети, Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Миллий гвардияның «Меҳрибанлық» үйлери, Балалар қалашалары, шаңарақлық балалар үйлери ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасының Балалар үйлерин (кейинги орынларда – оқыў-тәрбия мәкемелери) Миллий гвардияға бириктириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Миллий гвардия «SOS – Өзбекстан балалар мәҳәллелери» ассоциациясының балалар мәҳәллелери менен бирге ислесиў орнатсын.
- Миллий гвардияға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
оқыў-тәрбия мәкемелериниң тәрбияланыўшыларын ата-анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахсларға қайтарыў, қәўендер ямаса қайырқом тайынлаў, перзентликке бериў ҳәм жайластырыўдың басқа да түрлерин қолланыў илажларын көриў;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды материаллық, ҳуқықый ҳәм психологиялық-педагогикалық қоллап-қуўатлаў;
оқыў-тәрбия мәкемелеринде сапалы билимлендириў ҳәм тәрбия процесин жолға қойыўға, олардың турмыслық шараятларының жақсыланыўына, сондай-ақ, тәрбияланыўшылардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм олардың интеллектуаллық, физикалық ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыўға жәрдемлесиў;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажларды шөлкемлестириў;
заманагөй усыл ҳәм түрлерден пайдаланған ҳалда физикалық саламат, руўхый жетик, дүньяға көзқарасы кең жасларды қәлиплестириў, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды спорт түрлерине қызықтырыў ҳәм тартыў.
- Миллий гвардия қурамында:
орайлық аппараттың структурасында оқыў-тәрбия мәкемелеринде жаслардың билимлендириў ҳәм тәрбия алыў процесслерин ҳәм олардың бос ўақтын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер Миллий гвардия сәркардасының орынбасары лаўазымы енгизилсин;
Жәмийетлик қәўипсизлик университетинде «Әскерий ўатансүйиўшилик, руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм жаслар менен социаллық ислесиў» кафедрасы шөлкемлестирилсин.
- Шаңарақлық балалар үйлери ҳәм Балалар үйлерине ҳәм қәўендерликке, қайырқомлыққа ямаса шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) жетим балаларға (жигирма бес жасқа толмаған) Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери бириктирилетуғыны;
бириктирилген әскерий хызметкерлер қәўендерлик ҳәм қайырқомлық уйымлары менен биргеликте бир айда кеминде бир мәрте жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар менен сәўбетлер өткериў тийкарында, тәлим-тәрбия алыў жағдайын ҳәм турмыслық шараятларын үйренетуғыны, сондай-ақ, бар машқалаларды сапластырыў, оларды ата-анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахсларға қайтарыў, қәўендер ямаса қайырқом тайынлаў, перзентликке бериў ҳәм жайластырыўдың басқа да түрлерин қолланыў илажларын көрип баратуғыны белгиленсин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) еки ай мүддетте:
а) Миллий гвардия (Р.Джураев), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов), Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.Азамов) ҳәм Мәлимлеме технолгиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков) менен биргеликте:
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға тәрбия бериў, оларды илим, мәлимлеме технологиялары, шет тиллер, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, басланғыш әскерий таярлық ҳәм спорт пенен шуғылланыўын шөлкемлестириў жаңа системаны әмелиятқа енгизсин;
оқыў-тәрбия мәкемелериниң тәрбияланыўшылары арасында олар тәрепинен ерисилген нәтийжелерди баҳалаў арқалы оқыў-тәрбия мәкемелериниң рейтинг системасын енгизсин;
б) Миллий гвардия (Р.Джураев), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков) менен биргеликте оқыў-тәрбия мәкемелериниң Ташкент қаласындағы Инха университети, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети, IT-парклер менен өз-ара байланыслар орнатыўды тәмийинлесин ҳәм олар тәрепинен оқыў курсларының шөлкемлестирилиўи илажларын көрсин;
в) жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар, сондай-ақ, қәўендерликке ҳәм қайырқомлыққа алынған балалар ҳәм шаңараққа тәрбияға берилген (патронат) балалар бойынша жаратылған мәлимлеме системасында мағлыўматларды толық қәлиплестирген ҳалда Миллий гвардия, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлерине усы системадан пайдаланыў ҳуқықын берсин;
г) Миллий гвардия (Р.Джураев), Туризм ҳәм спорт министрлиги (У.Азамов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:
оқыў-тәрбия мәкемелериниң тәрбияланыўшыларын ҳәр жылы кеминде еки мәрте оқыўдан бос ўақытларында Өзбекстан бойлап саяхатқа алып шығыў бағдарламасын тастыйықласын. Онда, саяхат даўамында ишки ислер уйымлары менен биргеликте Ишки ислер министрлигиниң қаржылары есабынан ҳәм оқыў-тәрбия мәкемелериниң тәрбияланыўшыларын саяхатқа алып шығыўға (транспорт, жасаў ҳәм аўқатланыў) байланыслы қәрежетлер оқыў-тәрбия мәкемелерине ажыратылған бюджет қаржылары есабынан қапланады;
оқыў-тәрбия мәкемелериниң тәрбияланыўшылары ушын жеке гүрес, ат спорты, футбол, жүзиў, теннис, шахмат сыяқлы спорт түрлеринен бойынша спорт дөгереклерин шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин тастыйықласын.
- Миллий гвардия (Р.Джураев) Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте 2022-жыл 1-январьға шекем Жәмийетлик қәўипсизлик университетинде оқыў-тәрбия мәкемелери тәрбияланыўшылыраның маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўды жолға қойсын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) ҳәм Миллий гвардия (Р.Джураев) менен биргеликте ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем жаңа оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң жетекши профессор-оқытыўшыларының «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм Балалар қалашаларының тәрбияланыўшыларын мәлимлеме технологиялары, шет тиллер, анық, тәбийғый ҳәм басқа да пәнлерге оқытыў бойынша факультатив ҳәм дөгерек сабақларды, «дөгерек сәўбетлерин», пән жарысларын шөлкемлестириў бағдарламасын тастыйықласын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм Балалар қалашаларының зәрүр спорт инвентарьлары (балалардың спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятларды жаратқан ҳалда), 20 заманагөй компьютер топламы (үзликсиз оператив Интернет тармағына жалғанған ҳалда), тигиўшилик, аспазлық, кондитер ҳәм басқа да тараўдағы дөгереклерди шөлкемлестириўге қәнигелескен ханалардың зәрүр материаллық-техникалық базасы ҳәм автобуслар ҳәм миктоавтобуслар менен тәмийинлесин.
- Олий Мажлис Сенатына (Т.Нарбаева) жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын комплексли илажлар режесин тастыйықлаў усыныс етилсин:
оқыў-тәрбия мәкемелери тәрбияланыўшыларының машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, олардың арзыў-нийетлерин әмелге асырыўға жәрдемлесиў бойынша «Меҳр дәптери» системасын турмысқа енгизиў;
жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды перзентликке, қәўендерликке (қайырқомлыққа, патронатқа) алатуғын шаңарақларда тәрбиялаўды хошаметлеў әмелиятын енгизиў есабынан оқыў-тәрбия мәкемелеринде тәрбияланыўшыларды басқышпа-басқыш перзентликке, қәўендерликке (қайырқомлыққа, патронатқа) алатуғын шаңарақларда тәрбиялаўды хошаметлеў әмелиятын енгизиў есабынан оқыў-тәрбия мәкемелеринде тәрбияланыўшыларды басқышпа-басқыш перзентликке, қәўендерликке (қайырқомлыққа, патронатқа) алатуғын шаңарақларда тәрбиялаўға өткериў илажларын көриў;
балалардың ата-ана қарамағынан айырылыў себеплерин үйрениў ҳәм анықланған машқалаларды сапластырыў.
- 2021-жыл 1-ноябрьден баслап «Меҳр дәптери» системасы шеңберинде әмелге асырылатуғын илажларды қаржыландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен «Меҳр дәптери»не киргизилген жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды қоллап-қуўатлаў қорлары шөлкемлестирилетуғыны;
2022-жыл 1-январьдан баслап алкоголь өнимлериниң (пиво ҳәм тәбийғый вино буған кирмейди) көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар сап түсиминен ажыратпалардың муғдары бес проценттен үш процентке төменлетилетуғыны;
2022-жыл 1-январьдан баслап алкоголь өнимлериниң (пиво ҳәм тәбийғый вино буған кирмейди) көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар сап түсиминиң үш процент муғдарындағы ажыратпалар бюджетке төленетуғын салық ҳәм жыйымларға теңлестирилетуғыны, усы ажыратпалар салық уйымлары тәрепинен өндирилетуғыны ҳәм импорт етилетуғын алкоголь өнимлерине енгизилмейтуғыны;
«Меҳр дәптери»не киргизилген жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары қәўендерлик қаржылары, 2022-жыл 1-январьдан баслап алкоголь өнимлериниң (пиво ҳәм тәбийғый вино буған кирмейди) көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар сап түсиминиң үш проценти муғдарындағы ажыратпалар, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы ҳәм Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигин оқыў-тәрбия мәкемелеринде тәрбияланып атырған, қәўендерликке, қайырқомлыққа ҳәм шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) қызлардың тәлим-тәрбиясы, оларды ержеткенлик жасына, турмысқа таярлаў жумысларына жуўапкер етип белгилеў ҳәм Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен:
ҳәр жылы кеминде еки мәрте оқыў-тәрбия мәкемелеринде тәрбияланып атырған, қәўендерликке, қайырқомлыққа ҳәм шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) қызлардың социаллық жағдайын үйренип барыў;
оқыў-тәрбия мәкемелеринде тәрбияланып атырған, қәўендерликке, қайырқомлыққа ҳәм шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) қызларды «Меҳр дәптери»не киргизип, оларды қыйнап атырған мәселелерди орнында шешиўге ҳәм оқыў-тәрбия мәкемелеринен кейинги өмиринде өз орнын табыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў;
б) Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Миллий гвардияның усынысы бойынша ҳәр жылы 25 оқыў-тәрбия мәкемелериниң тәрбияшыларын Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы системасындағы санаторийлерде бийпул емлеў.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, район (қала)лық Кеңеслерине турақлы түрде «Меҳр дәптери»не киргизилген балалар менен жумыс ислеўге жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң есабатларын тыңлап барыў әмелиятын жолға қойыў усыныс етилсин.
- Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) оқыў-тәрбия мәкемелеринде тәрбияланып атырған жас өспирим перзенти ушын ата-аналардан алиментлердиң өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўин тәмийинлесин.
- Ишки ислер министрлиги Миллий гвардияға бириктирилген Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық ул балалар оқыў-тәрбия мәкемесининиң тәрбияланыўшылары менен ислесиў процесслерине жәрдемлессин.
- Ишки ислер министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң:
Ташкент ўәлаяты Чиназ районындағы 2-санлы кәсип өнер мектебин усы райондағы 39-санлы улыўма орта билимлендириў мектебиниң имаратына;
Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық қыз балалар оқыў-тәрбия мәкемесин Чиназ районындағы 2-санлы кәсип-өнер мектебиниң босайтуғын имаратына көшириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов);
бир ай мүддетте «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм Балалар қалашаларында қәрежетлер сметасының дүзилиўи ҳәм орынланыўын, мийнет ҳақысының есапланыўы ҳәм төлениўин, товар, жумыс ҳәм хызметлердиң сатып алыныўын, бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары есабының жүргизилиўин тәмийинлеўге жәрдемлесиў мақсетинде «Меҳрибанлық» үйлери ҳәм Балалар қалашаларына екеўден аймақлық қаржы уйымларының маман хызметкерлерин бириктирсин;
усы қарардың орынланыўына байланыслы қәрежетлер ушын қаржыларды тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың тийкарланған есап-санақлары тийкарында 2021-жылы Мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына:
усы қарардың мазмун-мәнисин, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды перзентликке, қәўендерликке (қайырқомлыққа ҳәм патронатқа) алыў ҳәм шаңарақлық балалар үйлерин шөлкемлестириў тәртибин, оның социаллық әҳмийетин жәмийетшиликке кеңнен сәўлелендириў;
жәмийетте айырым ата-аналар тәрепинен өз перзентлерин меҳрибанлық ҳәм балалар үйлерине тапсырыўының себеплерин кеңнен таллаған ҳалда бундай жағдайлардың алдын алыўға қаратылған социаллық роликлерди көрсетиў, дөгерек сәўбетлерин ҳәм додалаўлар шөлкемлестириў усыныс етилсин.
- Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды тәрбиялаўдың түп-тийкарынан жаңаланған системасын енгизиў бойынша «жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Шерматов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Миллий гвардия сәркардасы Р.М.Джураев, халық билимлендириў министри Ш.Ҳ.Шерматов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Д.М.Кенжаевқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректе мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 9-август